Биргеликте 5000 қәдем тасланды
194

Бүгин Қанлыкөл районында халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилигин арттырыў мақсетинде “Саламат турмыс ушын 5000 қәдем!” сүрени астында спорт-саламатландырыў илажлары өткерилди.
Онда Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими, районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими, спорт мектеби, Медицина бирлеспеси, Саламатлық ҳәм стратегиялық бөлими ҳәм мәҳәлле жаслары қатнасып, белгиленген аралықты басып өтти ҳәм соңынан дене шынығыўлары менен шуғылланды.

Бул илажды өткериўден тийкарғы мақсет – жаслар ҳәм жасы үлкенлердиң арасында саламат турмыс тәризин ен жайдырыў есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги