Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери телефон арқалы сөйлести

204

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести.

 Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Россия жетекшиси ҳәм көп миллетли халқын жақынлап киятырған мәмлекетлик байрамы – Россия күни менен қызғын қутлықлады.

Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеў, жоқары дәрежедеги ушырасыўларда ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Өз-ара товар алмасыў пәтин сақлап қалыў ҳәм санаат кооперациясы жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде муўапықластырылған илажларды көриўге айрықша итибар қаратылды.

Еки мәмлекет аймақлары дәрежесиндеги жедел алмасыўлар ҳәм әмелий бирге ислесиўди даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Россия мәдений илажлар турақлы түрде өткерилип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

 

ӨзА