Нызамшылықты Жәҳән саўда шөлкеми қағыйдаларына муўапықластырыў – импорт ҳәм экспорт көлемин кеңейтеди

Мәмлекетимизде корпоратив қатнасықларды раўажландырыў ҳәм заманагөй корпоративти басқарыў усылларын енгизиў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Акционерлик жәмийетлердиң атқарыў уйымлары, бақлаў кеңеслери ағзаларының фидуциар миннетлемелери, мажоритар акционерлердиң улыўма миннетлемелери ҳәм усы миннетлемелер бойынша жуўапкершиликти белгилеўди ҳуқықый жақтан тәртипке салыў, нызамшылықты халықаралық нормаларға, соның ишинде, Жәҳән саўда шөлкеминиң келисимлерине бейимлестириў арқалы сыртқы саўданы буннан былай да либералластырыў зәрүрлиги жүзеге келген.

Бул Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитетиниң мәжилисинде атап өтилди. Усындай жағдайларды сапластырыў мақсетинде ислеп шығылған “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам додаланды.
Нызам менен “Акционерлик жәмийетлери ҳәм акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳаққында”ғы нызамға акционерлердиң улыўма миннетлемелерин және олардың жуўапкершилигин анықластырыўға қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.
Буннан тысқары, бул нызам менен Бажыхана кодексине ең қолайлылық бериў режимине ийе болмаған мәмлекетлерден Өзбекстанға алып келинип атырған товарлар ушын товардың келип шығыўы ҳаққындағы сертификатлар болмаған жағдайда импорт бажысын еки есеге арттырып қолланыў әмелиятының бийкар етилиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.
Комитет ағзалары өзлериниң шығып сөйлеўлеринде бул нызам акционерлик жәмийетлери басқарыў уйымларының және мажоритар акционердиң жәмийет ҳәм басқа да акционерлердиң мәплерин гөзлеп, ҳадал ҳәм ақылға уғрас жумыс алып барыўына, олардың жуўапкершилигин арттырыўға, сондай-ақ, миллий нызамшылық нормаларын Жәҳән саўда шөлкеминиң қағыйдаларына муўапықластырыў есабынан саўданы әдил қағыйдалар тийкарында әмелге асырыўға, импорт ҳәм экспорт көлемин кеңейтиўге хызмет ететуғынын атап өтти.
ӨзА