“Әҳмийетли 90 күн” – жаңа имканиятлар ҳәм илҳам дәрегине айланбақта

Президентимиздиң басламасы менен басланған “Әҳмийетли 90 күн” жойбары елимиз бойлап барлық тараўларда жаңа руўх, жаңаша көзқараслар ҳәм әмелий ҳәрекетлер басқышына айланды. Бул басламаны Әмиўдәрья районындағы 62-санлы улыўма билим бериў мектебиниң жәмәәти үлкен қызығыўшылық пенен күтип алып, дәслепки он күнлик жумыс даўамында оқыўшыларды қамтып алған мазмунлы илажларды әмелге асырды.
Мектепте өткерилген илажлар тийкарынан жаслардың физикалық ҳәм руўхый потенциалын арттырыўға, оларды заманагөй билимлер менен қуралландырыўға, дөретиўшилик ҳәм интакерлик руўхын күшейтиўге қаратылды. Усы күнлерде спорт жарыслары, компьютер бағдарламаларын үйрениў, “Меҳир ҳәм итибар – балалар ушын ең үлкен саўға” атамасында дөгерек сәўбетлери, ҳәр қыйлы жойбар презентациялары, китапханаларға сапарлар, театр сахналастырыў, санлы сүўрет салыў бойынша таңлаўлар сыяқлы бир қатар илажлар шөлкемлестирилди. Бул илажлар оқыўшылардың ой-пикирин байытты, оларды бир жәмәәт болып ислеўге, дөретиўшилик пикирлеўге, өз идеяларын еркин билдириўге бағдарлады. Әсиресе, ҳәр бир бағдардағы жумыслар олар ушын жаңа қызығыўшылық ҳәм көнликпелерди жүзеге шығарды.




Сондай-ақ, “Қуўнақ стартлар” атамасындағы спорт жарысы айрықша итибарға ылайық болды. Денетәрбиясы пәни муғаллимлери Ж.Йўлдошев ҳәм Ш.Хасановалар басшылығында өткерилген бул жарыста оқыўшылар өзлериниң шаққанлығын, жәмәәттеги сәйкеслигин ҳәм спортқа болған меҳирлерин көрсетти. Жарыс жуўмағында ең белсенди ҳәм шаққан қатнасыўшылар анықланып, олар естелик саўғалары менен сыйлықланды. Буннан тысқары, мектепте өткерилген сүўретлер ҳәм шығармалар таңлаўлары да оқыўшылардың дөретиўшилик потенциалын көрсетиўге хызмет етти. Сүўрет салыў таңлаўында Ҳаётбек Махсабоев, өзиниң дәстүрий емес қатнасы ҳәм сүўретлеп пикирлеўи менен биринши орынды қолға киргизди. Шығармалар таңлаўында болса Сарвиноз Нурманова өзиниң көркем ҳәм тәсиршең пикирлери менен ең жақсы қатнасыўшы деп табылды. Олардың жеңислери жас дөретиўшилер ушын ҳақыйқый илҳам дәреги болды. Бул болса оқыўшыларда үлкен қуўаныш ҳәм және де белсене қатнасыў тилегин оятты. 62-мектеп жәмәәти “Әҳмийетли 90 күн”ди тек ғана миннетлеме емес, ал руўх ҳәм қызығыўшылық пенен, өз оқыўшыларының ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын имканият сыпатында күтип алды. Бул процесс даўамында және көплеген ийгиликли жумыслар әмелге асырылатуғыны, мектеп турмысы жаңа басқышқа көтерилетуғынына исенемиз.
Шоира Хайтбаева,
ҚМУ, журналистика қәнигелиги 1-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги