Өзбекстан – Әзербайжан: еки тәреплеме перспективалы бирге ислесиў даўам етеди

254

Ташкент қаласында Өзбекстан ҳәм Әзербайжан ҳүкиметлери делегацияларының ушырасыўы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Әзербайжан Республикасы Бас министри Али Асадовтың басшылығында өткен мәжилисте мәмлекетлеримиз басшылары тәрепинен еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў бойынша белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпалардың әмелий орынланыўын тәмийинлеў мәселелери көрип шығылды.

Илажда еллеримиз арасындағы нәтийжели сөйлесиўди избе-из даўам еттириў ҳәм буннан былай да беккемлеўге айрықша итибар қаратылды. Бул тийкарғы мақсетлерге ерисиўде өткен жылы август айында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев тәрепинен қол қойылған Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнама әҳмийетли қолланба болатуғыны атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм Әзербайжан тек ғана улыўма тарийх, мәденият ҳәм руўхый қәдириятларды бирлестирген емес, ал барлық бағдарларда бирге ислесиўди избе-из раўажландырып атырған исенимли аўқамлас мәмлекетлерге айланған. Ҳәзирги процессте, әлбетте, мәмлекетлеримиз жетекшилери арасындағы шын жүректен дослық, туўысқанлық байланыслары шешиўши әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Ҳақыйқатында да, барлық бағдарларда унамлы өсиў бақланбақта, байланыслар избе-из раўажланбақта. Атап айтқанда, кейинги төрт жылда өз-ара саўда көлеми еки есеге артты. Экономиканың түрли тараўларында әҳмийетли биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта.

Мәжилисте мәмлекет басшылары еки мәмлекет ҳүкиметлери алдына әмелий бирге ислесиўди беккемлеў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп бергени, бул мақсетлерге ерисиў ушын үлкен потенциал ҳәм имканият бар екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, саўда, транспорт, энергетика, санаат кооперациясы ҳәм аўыл хожалығы тараўларындағы шериклик көлемин буннан былай да кеңейтиў, аймақлараралық байланысларды тереңлестириў, мәдений-гуманитарлық бағдардағы қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.

Ғайрат Хонназаров, ӨзАның хабаршысы