Ендигиден былай гүманланыўшы, айыпланыўшы яки судланыўшы қәлеген ўақытта үндемеў ҳуқықынан пайдаланыўы мүмкин

242

Усы жылдың 9-июнь күни қол қойылған жаңа нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар берди.

Жынаят-процессуаллық кодексине киргизилген өзгериске бола, гүманланыўшы, айыпланыўшы яки судланыўшы қәлеген ўақытта үндемеў ҳуқықынан пайдаланыўы мүмкин екенлиги белгиленди.

Сондай-ақ, шахстың өз айыбын тән алғанлығы оған қарсы бирден-бир дәлил болса, ол айыплы деп табылыўы яки жазаға тартылыўы мүмкин емес екенлиги нәзерде тутылды.

“Судлар ҳаққында”ғы нызамға киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшаларға бола, судьялардың белгили бир ислер бойынша есап бермейтуғыны белгиленди.

Буннан тысқары, судьяны белгили бир истиң додалаўынан шетлетиўге яки оның ўәкилликлерин тоқтатып турыўға, басқа лаўазымға өткериўге тек ғана нызамда белгиленген тәртипте ҳәм тийкарларға бола жол қойылатуғыны көрсетилди.

Бул нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киретуғынын атап өтиў керек,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.

 

                                                                         Қарақалпақстан хабар агентлиги