Суў хожалығындағы ҳуқықбузарлықлар ҳаққында хабар бергенлер хошаметленеди

290

Ҳүкимет қарары менен “Физикалық шахслар тәрепинен дизимге алынған суў хожалығы тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы фотосүўретлер ҳәм (яки) видеожазыўларды қабыл етиў, көрип шығыў ҳәм оларды усынған шахсларды хошаметлеў тәртиби ҳаққында”ғы реже тастыйықланды.

Реже Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 74-статьясы 2-бөлиминде нәзерде тутылған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларға қолланылады.

Шахслар ҳуқықбузарлықты видеотехника қураллары арқалы дизимге алып, 48 саат ишинде Суў хожалығы министрлиги жанындағы Суў хожалығы объектлери қәўипсизлигин ҳәм суўдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясына (Инспекция) “v-nadzor.gov .uz”  веб-сайты арқалы жибереди.

Фото ҳәм видеоматериалларда төмендегилер сәўлелендирилиўи керек:

– жүз берген ҳуқықбузарлық;

– ҳуқықбузарлықты ислеген шахс ҳаққындағы мағлыўматлар (егер бар болса);

– ҳуқықбузарлық жүз берген мәнзил, анықланған сәне ҳәм ўақыт.

Қағыйда сыпатында, фото ҳәм видеоматериаллардың даўамлылығы 120 секундтан аспаўы керек.

Фото ҳәм видеоматериаллар 10 күн мүддетте Инспекцияның жуўапкер хызметкери тәрепинен көрип шығылады.

Ҳуқықбузарлық 1-мәрте жүз берген болса, ҳуқықбузарға суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныў тәртиби (қағыйдалары) н қайта бузылыўының алдын алыўға қаратылған усыныслар жибериледи.

Ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғаннан кейин 1 жыл даўамында ҳуқықбузарлық қайтадан исленген жағдайда, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң тийисли статьяларында нәзерде тутылған муғдарларда жәрийма салыўға себеп болады.

Фото ҳәм видеоматериалларды жиберген шахслар ҳуқықбузыўшыдан өндирилген жәрийма есабынан БЕМниң 25 проценти муғдарында ақшалай сыйлық пенен хошаметленеди.

Сыйлықлаў жәрийма өндирилген күннен баслап 15 күн мүддетте әмелге асырылады.

 

ӨзА