АҚШқа саяхат етиўшилер ушын жаңа шеклеўлер

Енди 12 мәмлекет пуқаралары ушын АҚШқа саяхат етиў қадаған етиледи. Бул илаж Дональд Трамптың биринши президентлик мүддетинде басланған тартыслы «мусылманларға қадаған етиў» сиясатының даўамы сыпатында баҳаланбақта.
Жаңа қарарға бола, Аўғанстан, Мьянма, Чад, Конго Республикасы, Экваториал Гвинея, Эритрея, Гаити, Иран, Ливия, Сомали, Судан ҳәм Яман пуқараларының АҚШқа кириўи қатаң қадаған етиледи. Соның менен бирге Бурунди, Куба, Лаос, Серра-Леоне, Того, Түркменстан ҳәм Венесуэла пуқараларына да қосымша шеклеўлер енгизилмекте. Трамп бул ҳаққындағы билдириўинде: «Мен мәмлекет ҳәм халық миллий қәўипсизлиги ҳәм мәпин қорғаў ушын ҳәрекет етиўим керек», – деп атап өткен.
Бул дизим 20-январь күни, Трамп инаугурациядан соң шығарылған пәрман тийкарында қәлиплестирилди. Сол ҳүжжет пенен Мәмлекетлик хаткер, Миллий қәўипсизлик департаменти баслығы ҳәм Миллий разведка директорына айырым мәмлекетлерден мәмлекетке кириў қәўипсизликке қәўип салмайтуғынын таллаў ўазыйпасы жүкленеди.
Трамп 2017-жыл январьда шығарған усыған уқсас пәрманда да мусылман халқы көп Ирак, Сирия, Иран, Судан, Ливия, Сомали ҳәм Яман пуқараларының АҚШқа кириўи қадаған етилген еди. Кескин наразылыққа себеп болған, мәселен аэропортларда көтерилислерге алып келген сол қарардың қайта көрип шығылған түрин Жоқарғы суд 2018-жылы мақуллаған. Кейинги шеклеўлер Иран, Сомали, Яман, Сирия, Ливия, Арқа Корея пуқаралары ҳәм Венесуэла мәмлекетлик хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын қамтып алған.
Трамп тәрепдарлары бул сиясатты қәўипсизлик көзқарасынан қорғап, диний ямаса миллий кемситиўге тийкарланбағанын атап келмекте. Сыншылар болса қарарды инсан ҳуқықына қайшы, деп есаплайды.
К.Бекжанов, ӨзАның хабаршысы