Өзбекстан Президенти Ломбардия менен бирге ислесиў ушын үлкен потенциал бар екенин атап өтти

717

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ташкент инвестициялық форумында қатнасыў ушын мәмлекетимизге келген Ломбардия ўәлаятының губернаторы Аттилио Фонтана басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Ломбардия Италияның халық саны ең көп ҳәм ири аймақларынан бири болип, Европаның экономикалық жақтан ең раўажланган ўәлаятлары қатарына киреди.

Өз-ара пайдалы бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық шерикликти раўажландырыўдың әмелий жақлары додаланды.

Жақында Самарқанд қаласында Бас министр Жоржа Мелони менен болып өткен сөйлесиўлердиң нәтийжелери, олар даўамында аймақлараралық байланысларды қоллап-қуўатлаўға келисип алынғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Бүгинги күнде елимизде Ломбардия компаниялары менен биргеликте помидор, шафран жетистириў, тоқыма емес гезлеме ҳәм трикотаж, азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў бойынша жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта. Таяр текстиль, автоэлектроника, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, сүт ҳәм мийўе-овощ өнимлерин қайта ислеў, жәмийетлик транспортты раўажландырыў ҳәм басқа да жойбарлар ислеп шығылмақта.

Биргеликтеги жойбарлар портфелин кеңейтиў, Италияның алдынғы технологиялары ҳәм инвестицияларын Өзбекстан экономикасының түрли тармақларына және де кеңнен тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Милан қаласында Өзбекстанның санаат ҳәм экспорт потенциалы көргизбесин өткериў, саўда үйин ашыў ҳәм “Uzbek Organic” бренди астында экспорт линиясын иске қосыўға келисип алынды.

Мәдений-гуманитарлық алмасыўды кеңейтиў мақсетинде 2026-жылы Миланда Өзбекстан музейлериниң көргизбесин шөлкемлестириў мәселеси үйренилмекте.

Губернатор, өз гезегинде, Ломбардия исбилермен топарларының жойбарлары менен басламалары ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып атырғаны ушын Президентимизге шын жүректен миннетдаршылық билдирди. Өзбекстан аймақлары менен кең көлемли шерикликти жолға қойыўға ҳәр тәреплеме жәрдемлесиўге таяр екенин тастыйықлады.

Ушырасыў соңында мәмлекетимиз басшысы Аттилио Фонтанаға 2026-жылы Милан қаласында болып өтетуғын қысқы Олимпиадаға таярлық көриў ҳәм оны өткериўде табыслар тиледи.

 

ӨзА