Бәсеки комитети тәрепинен «Beeline»ға айлық ҳәм күнлик абонент төлемин шешиў шәртлерин қайта көрип шығыў бойынша көрсетпе берилди
235

Онда:
Айлық абонент төлеми шешип алыў ўақтында қаржы жетерли болмаса, күнлик абонент төлеми автомат түрде шешип алыныўын бийкарлаў.
Абонентке күнлик хизметтен пайдаланыўды ықтыярлы түрде (мәселен, USSD-код арқалы) таңлаў имканиятын бериў.
Абонент есабынан айлық ямаса күнлик абонент төлемлерин қарызға шешип алыўға жол қоймаў ҳәм енгизилетуғын өзгерислер ҳаққында абонентлерди өз ўақтында хабардар етиў нәзерде тутылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги