Өзбекстанда балалар арасында Коксаки вирусы ҳәўиж алып атырғаны ҳаққындағы хабарлар тийкарсыз

213

Социаллық тармақларда елимизде Коксаки вирусының тарқалып атырғаны ҳаққында хабарлар тарқалып, жәмийетшиликтиң додалаўларына себеп болды.

Санитария-эпидемиология комитетине бола, Өзбекстанда бул кеселликти келтирип шығаратуғын вирус ўақты-ўақты менен дизимге алынады. Бирақ елимизде бул кеселлик кең көлемде тарқалды, деген пикирге келиў ушын тийкар жоқ.

Әҳмийетлиси, Коксаки вирусы ушын арнаўлы емлеў протоколлары бар ҳәм кеселлик ҳеш қандай асқыныўларсыз толық тәўир болып кетеди.

Солай болса да, ҳеш қашан, өзбасымшалық пенен наўқасқа бактерия ҳәм вирусқа қарсы препаратларды бериў керек емес. Себеби, Коксаки вирусына бул дәри қураллары улыўма тәсир етпейди. Егер балада клиникалық белгилер пайда болып, олар аўырлаў өтип атырған болса, ол жағдайда медицина хызметкерлерине мүрәжат етиў ҳәм спецификалық емлеў илажларын көриў мақсетке муўапық.

Қарақалпақстан хабар агентлиги