Халықаралық грантлардан нәтийжели пайдаланайық

173

Өзбекстан Саӯда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) ҳәм Карақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң грант бөлими менен биргеликте Германия федераль министрлигиниң «Developpp» бағдарламасы бойынша исбилерменлер ушын семинар-ушырасыӯ шөлкемлестирилди.

Семинарда GIZ тәрепинен бизнес секторды қоллап-қуӯатлаӯ бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, грант бағдарламасына қатнасыӯ шәртлери ҳаққында кең турде түсиниклер берилди.

«Developpp» биргеликтеги қаржыландырыў бағдарламасының тийкарғы мақсети – Германия ҳәм Өзбекстан санаат кәрханалары арасында бирге ислесиўди жолға қойыӯдан ибарат.

Бағдарламаның тийкарғы бағдарлары:

– 2 миллион Евроға шекем техникалық ҳәм финанслық жәрдем:

– бағдарлама тәрепинен 50% ке шекем биргеликте қаржыландырыў:

– «developpp» эксперт кеңеси жәрдеми.

Семинар-ушырасыӯ нәтийжесинде Карақалпақстанлы исбилерменлерге грант алыӯ бойынша кеңеслер берилди, усындай грантлардан утымлы пайдаланып, бизнесин раўажландырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги