Жол қағыйдасы – өмир пайдасы, ямаса бийғамлықтың ашшы сабақлары

235

Бүгинги күнде жәмийетимизде түрли қағыйдалар болып, олардың барлығы тәртип-интизамды тәмийинлеўге қаратылған. Бирақ, олардың айырымлары биз ушын тек ғана “әдеттеги жағдай”ға айланған. Әсиресе, жол ҳәрекети қағыйдалары – өмиримизди сақлаўға хызмет ететуғын ең әҳмийетли тәртиплерден бири. Бирақ, оған бәрқулла итибар берилмей атыр. Қағыйдаларды бузыў гейде саналы, гейде әпиўайы бийпәрўалықтың нәтийжеси болып табылады. Бирақ, нәтийжеси аянышлы болыўы мүмкин.

Жол ҳәрекети қағыйдалары тек ғана автомобиль айдаўшылары ушын емес, ал пиядалар ушын да мөлшерленген. Бул қағыйдаларға әмел етиў, бәринен бурын, инсан өмири қәўипсизлигин тәмийинлейди. Тилекке қарсы, бүгинги күндеги бақлаўлар айырым пиядалар бул талапларды менсинбейтуғынын көрсетпекте.

Усыған уқсас жағдай Нөкис қаласы Ерназар Алакөз ҳәм Төлепберген Қайыпбергенов көшелери кесилиспесинде, яғный дийқан базары алдындағы кесилиспеде тез-тез ушырасып турады. Бул жерде пиядалар ушын жер үсти көпири, жақын жерде жер асты жолы, базар автомобиль туратуғын орынға киреберисте светофор ҳәм пиядалар жолы бар. Барлық зәрүр шараятлар жаратылған болса да, айырым пуқаралар – тийкарынан жасы үлкен инсанлар ҳәм оларға ерген жаслар – белгиленген орынлардан емес, кесилиспениң ең қолайсыз жерлеринен жолды кесип өтиўге урынбақта.

Жол шетинде “жолды тек белгиленген орыннан кесип өтиң” деген ескертиўши жазыўлар турған болса да, олар итибарға алынбайды. Бундай итибарсызлық болса, автомобиль айдаўшылары ушын үлкен машқала туўдырады. Айдаўшылар менен сәўбетлескенимизде, олар пиядалардың тосаттан жуўырып шығып қалыўы ақыбетинде автоавария қәўпи артатуғынын, бул нәрсе аўыр ақыбетлерге алып келетуғынын атап өтти.

Ең ашынарлысы, бундай жағдайды көрип турған ЖПХ хызметкери де жағдайға бийпәрўа қарап, тек ғана айдаўшыларға қағыйдаларды түсиндириў менен шекленип, пиядалар менен профилактикалық сәўбет өткериўи жеткиликли еместей көринеди. Себеби, жол ҳәрекети қатнасыўшыларының ҳәр бири – айдаўшы бола ма, пияда бола ма – нызам алдында теңдей жуўапкер.

Киши көринетуғын қағыйдабузарлықлар үлкен апатшылықларға алып келетуғынын умытпаўымыз керек. Қағыйдаларды бузыў – тек ғана тәртипти емес, ал инсан өмирин қәўипке қояды, деген сөз. Жол ҳәрекети қағыйдалары – бул тек ғана айдаўшылар ушын жазылған нормалар емес, олар ҳәр бир пуқара, ҳәр бир пияда ушын да әмел етиўи керек болған нызам-қағыйдалар болып есапланады.




Умытпайық, жол қағыйдасы – өмир пайдасы.

Зафар Полвонов,

ҚМУ журналистика тәлим бағдары 1-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги