Жерди нызамсыз ийелеўге қарсы қандай илажлар алып барылмақта?

200

 

Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мағлыўматларына қарағанда, республикамыз бойынша 1639 жағдайда, жәми 86,7 гектар жер майданы нызамсыз ийеленгени анықланған.

2025-жылдың басынан өткен бес ай даўамында нызамсыз ийеленген жағдайлардан 920 жағдай, яғный 35,6 гектар жер өз ҳалына келтирилди.

Сондай-ақ, 481 жағдайда  25,7 гектар жер майданы бойынша судларға даўа арзалары киргизилген.

Буннан тысқары, 28 жағдай бойынша тийисли ҳүжжетлер Прокуратура уйымларына усынылған.

Қалған жағдайлар бойынша ўәкилликли уйымлар менен биргеликте ҳуқықый илажлар даўам етпекте.

Басқарма тәрепинен нызамсыз жер ийелеўге қарсы гүресиў илажлары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги