Өзбекстан ҳәм Болгария қатнасықлары сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилмекте

204

10-июнь күни Көксарай резиденциясында мәмлекетимизге рәсмий сапар менен келген Болгария Республикасы Президенти Румен Радевти рәсмий күтип алыў мәресими болды.

Резиденция алдындағы майданда еки мәмлекеттиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Президентимиз жоқары мәртебели мийманды қызғын күтип алып,  минберге мирәт етти.

Мәмлекет гимнлери жаңлады. Әскерий оркестр ҳаўазлары астында жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.

Соң, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң ҳәм Болгария Республикасы Президенти Румен Радевтиң рәсмий делегациялар қатнасыўындағы сөйлесиўлери болып өтти.

Өзбекстан менен Болгария арасындағы әмелий бирге ислесиўди және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Еки мәмлекет арасындағы дипломатиялық қатнасықлар 1992-жылы орнатылғанын атап өтиў зәрүр. Соңғы жылларда жоқары  дәрежедеги еки тәреплеме қатнасықлар жеделлести.

Мәмлекетимиз басшысы Болгария жетекшисин қызғын қутлықлап, соңғы 17 жылдағы биринши саммит тарийхый әҳмийетке ийе екенин, Өзбекстан – Болгария дослық ҳәм  шериклик қатнасықларын сапа жағынан жаңа дәрежеге алып шығатуғынын атап өтти.

Парламентлер, экономика ҳәм сыртқы сиясат уйымлары арасындағы бирге ислесиў  жеделлескени үлкен қанаатлангыўшылық пенен  атап өтилди.

Товар алмасыў  көрсеткишлери өспекте, кооперацияның жаңа бағдарлары ҳәм жойбарлары ислеп шығылмақта.

Гуманитарлық алмасыўлар әмелге асырылмақта, Бухара ҳәм Варна, Самарқанд ҳәм Пловдив арасында жақынлық қатнасықлары орнатылған.

Көп тәреплемели бирге ислесиўди және де беккемлеў мақсетинде сыртқы сиясат уйымлары арасында системалы қатнасықларды жолға қойыў әҳмийетли екенлиги  атап өтилди.

Саўданы, бәринен бурын, тоқымашылық, азық-аўқат, химия ҳәм фармацевтика өнимлери, металл бүйымлар ҳәм технологиялық үскенелер жеткерип бериўди кеңейтиў арқалы көбейтиў мәселелерине айрықша  итибар қаратылды.

Өз-ара саўданың өсиўин хошаметлеў мақсетинде пайтахтларда саўда  үйлерин ашыў, лабораторияларды аккредитациядан өткериў ҳәм жеңилликли кредит линияларын ажыратыў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат санааты, фармацевтика, геология, жасалма интеллект, санлы технологиялар ҳәм IT, туризм тараўларында биргеликтеги жойбарларды алға қойыў тийкарғы бағдар сыпатында атап өтилди.

Нәтийжели жер үсти ҳәм ҳаўа транспорт коридорларын раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Усы мәнисте, тәреплер еки мәмлекет арасында тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў имканиятын көрип шығыўға келисип алды.

Мийнет ресурслары тараўында системалы бирге ислесиўди жолға қойыў ушын София қаласында Өзбекстан Республикасы Миграция агентлигиниң ўәкилханасын ашыў мәселеси көрип шығылады.

Гуманитар байланысларды, соның ишинде, академиялық ҳәм илимий алмасыўларды жеделлестириў, усы жылы Әндижан қаласында жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери ректорларының ушырасыўын өткериў басламалары қоллап-қуўатланды.

Сондай-ақ, келеси жылы Өзбекстан ҳәм Болгария мәденияты ҳәм киносы ҳәптелигин шөлкемлестириўге келисип алынды.

Ерисилген келисимлердиң орынланыўы үстинен системалы қадағалаўды тәмийинлеў мақсетинде тәреплер биргеликтеги “жол картасы”н қабыл етиў ҳәм Ҳүкиметлераралық комиссиялардың жәрдемши баслықларының дәрежесин арттырыў, оның жумысына аймақлар ҳәм ири компаниялардың басшыларын тартыўға ўәделесилди.

Ушырасыў жуўмағында Президент Румен Радев Президент Шавкат Мирзиёевти өзи ушын қолайлы ўақытта жуўап сапары менен Болгарияға барыўға усыныс етти.

Ташкент қаласында болып өткен сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Болгария Республикасы Президенти Румен Радев Еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў ҳаққында биргеликтеги декларацияға қол қойды.

Жетекшилер жанында еки тәреплеме ҳүжжетлер, соның ишинде, Сыртқы ислер министрликлери арасында 2026-2027-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы және Ташкент ҳәм София қалалары арасында шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы келисим алмасылды.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жуўмағында Көксарай резиденциясында терек егиў мәресими болды.

Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Румен Радев халықларымыз дослығы ҳәм бирге ислесиўи, еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында жаңа бет ашыўға бирдей умтылыстың көриниси сыпатында Ҳүрметли мийманлар қыябанына терек екти.

Усы күни жоқары мәртебели мийман “Жаңа Өзбекстан” паркине барып, Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.

Румен Радев усы саўлатлы бағдың қурылыс тарийхы менен танысты. Монументте сәўлелендирилген уллы ойшыллар, қаҳарман сәркарда ҳәм жәҳәнгирлер, жадид бабаларымыз ҳаққында айтып берилди.

Делегация ағзалары “Жаңа Өзбекстан” комплексиниң идеялық ҳәм архитектуралық шешимлерине итибар қаратты. Бул жердеги бағ – сийрек ушырасатуғын терек ҳәм гүллер, амфитеатр, фонтанлардың үнлеслиги атап өтилди.

Болгария Республикасы Президенти Румен Радевтиң Өзбекстанға рәсмий сапары даўам етпекте.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

ӨзА