Студент-жаслар киберспортта беллести
303

Елимиз бойлап даўам етип атырған «Әҳмийетли 90 күн» илажлары шеңберинде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында оқып атырған студент-жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде киберспорт бойынша жарыс өткерилди.
Институттың Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми тәрепинен шөлкемлестирилген жарыста барлық факультетлерден командалар қатнасып, ««CS2» бойынша өз имканиятларын сынақтан өткерди.
Қызықлы өткен жарыс жуўмағында, биринши орынды тәбийғый пәнлер факультети жеңип алыўға миясар болды.

Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар физика-математика ҳәм дене мәденияты факультетлери студентлерине несип етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги