ТүркПА мәжилисиниң темасы жәрияланды

11-12-июнь күнлери Астана қаласында Түркий мәмлекетлер Парламент ассамблеясының (ТуркПА) 14-жалпы мәжилиси болып өтеди. «Turktime: Парламент дипломатиясының орны» темасында болып өтетуғын илаж ҳаққында Қазақстан Сыртқы ислер министрлигиниң рәсмий ўәкили Айбек Смадияров мағлыўмат берди.
ТАССтың хабар бериўинше, әнжуманда ағза мәмлекетлер парламентлериниң спикерлери ҳәм ўәкиллери қатнасады.
Ушырасыўда биргеликтеги жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў арқалы стратегиялық шерикликти раўажландырыўға қаратылған парламентлер ҳәм мәмлекетлер арасындағы байланысты беккемлеўге байланыслы әҳмийетли мәселелер додаланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги