Жумыс ўақтынан тысқары мийнетке ҳақы төлеўдиң муғдарлары белгиленбекте

Парламент төменги палатасының мәжилсинде жумыс ўақтынан тысқары мийнетке ҳақы төлеў ҳәм оның даўамлылығын әпиўайыластырыўға қаратылған нызам жойбары екинши оқылыўда көрип шығылды. Бул ҳүжжет бойынша Нызамшылық палатасы Мийнет, денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық мәселелер комитетиниң баслығы Назира Мухтарова толық айтып берди.
Атап өтилгениндей, усы нызам жойбары менен жумыстың бир күнде биринши еки саатына кеминде 1,5 есеси муғдарында, еки сааттан артық бөлегине кеминде 2 есе муғдарында (мийнет шараятлары қолайсыз болған жумысларда – ҳәр бир сааты ушын кеминде еки есе муғдарында) ҳақы төлениўи белгиленбекте.
Сондай-ақ, жумыстан тысқары жумыстың даўамлылығы хызметкер ушын избе-из еки күн даўамында төрт сааттан (мийнет шараятлары қолайсыз болған жумысларда – бир күнде еки сааттан) аспаўы керек екенлиги нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, хызметкерлердиң қосымша дәрамат алыў имканиятын тәмийинлеў ҳәм оларды рәсмий емес жумыс ўақтынан тысқары жумысларға тартыў жағдайларын азайтыў мақсетинде нызам жойбарында жумыс ўақтынан тысқары мийнет етиў даўамлылығын жылына 120 саат пенен шеклеўши норманы бийкарлаў усыныс етилмекте.
Жумыс ўақтынан тысқары жумыстың дәраматлары талланғанда, 5 күнлик жумыс ислейтуғын хызметкердиң дәраматлары жыллық лимит белгиленгенине салыстырғанда 2,8 есеге, 6 күнлик жумыс ислейтуғынлардың дәраматы болса 3,8 есеге артыўы мүмкин екенлиги анықланды.
Додалаўлар даўамында бул нызам жойбарының қабыл етилиўи пуқаралардың мийнет ҳуқықлары кепилликлериниң тәмийинлениўине, шөлкемлерде жумыс өнимдарлығын арттырыў ҳәм хызметкерлердиң дәраматларының көбейиўине хызмет ететуғыны айрықша атап өтилди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА