Мәмлекетимиз қаржы тараўы ўәкиллери ишки аудит бойынша халықаралық тәжирийбени үйренди

282

Черногорияның Будва қаласында Мәмлекетлик қаржыны басқарыў бойынша халықаралық бирге ислесиў билимлендириў бағдарламасы (PEMPAL) шеңберинде “Аудит әмелияты” ҳәм “Муўапықластырыў бойынша орайлық бөлимлер ушын шақырықлар” темасында мәжилис болып өтти. Бул илаж Жәҳән банки жәрдеминде шөлкемлестирилди.

Мәжилистен гөзленген тийкарғы мақсет – мәмлекетлик финанслық қадағалаў ҳәм ишки аудит тараўында сырт еллерде, соның ишинде, Черногорияда әмелге асырылып атырған реформалар менен танысыў, мәмлекетлер арасында тәжирийбе алмасыў, халықаралық стандартлар тийкарында қолланбалар ислеп шығыў ҳәм ағза мәмлекетлердиң қәнигелери ушын пикирлесиў майданын жаратыўдан ибарат болды.

Илажда 30 дан аслам мәмлекеттен әмелиятшы қәнигелер ҳәм экспертлер қатнасты. Мәжилис дәстүрий ҳәм онлайн форматта өткерилип, Өзбекстаннан 100 ден аслам ишки аудитор онлайн тәризде қатнасты. Қатнасыўшылар тәрепинен берилген сораўларға халықаралық қәнигелер тәрепинен ҳәр тәреплеме жуўап берилди.

Мәжилис шеңберинде Халықаралық ишки аудиторлар институтының “Глобал ишки аудит стандартлары”на тийкарланып ислеп шығылған PEMPALдың мәмлекетлик уйымлар ушын ишки аудит бойынша үлги қолланбасы додаланды ҳәм оған тийисли усыныслар киргизилди.

Сондай-ақ, нәтийжелилик аудитин әмелге асырыў бойынша Нидерландия, Қубла Африка Республикасы, Польша ҳәм Греция тәжирийбеси үйренилди. Черногориядағы мәмлекетлик ишки аудит ҳәм қадағалаў системасындағы реформалар ҳәм олардың басқышлары талланды. Бар машқалалар әмелиятшы қәнигелер ҳәм халықаралық экспертлер менен биргеликте көрип шығылды.

Мәжилис даўамында қатнасыўшылар топарларға бөлинип, аудит процесслеринде ушырасатуғын қыйын жағдайларды додалады ҳәм жуўмақлар ислеп шықты.

Турақлылық аудитин шөлкемлестириў бағдарында Испания, Нидерландия ҳәм Қубла Африка Республикасы тәжирийбелери талланды. Бул бағдарда арнаўлы қолланба ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлери ҳәм ESG – қоршаған орталық, социаллық ҳәм корпоратив басқарыў аудитин әмелге асырыў бойынша Европа мәмлекетлериниң тәжирийбеси үйренилди. Жаңа аудит түрлери арқалы мәмлекетлик уйымлардың халықаралық тенденцияларға мүнәсибети, ишки аудит кадрларының билим ҳәм маманлығын арттырыў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Мәжилис жуўмағында PEMPALдың үлги қолланбасы жуўмақланып, усыныслар тийкарында басып шығарылыўы ҳәм нәтийжелилик, турақлылық және ESG аудитлери бойынша тереңирек изертлеўлер алып барылыўы бойынша келисимге ерисилди.

Бул ҳаққында Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА