Академиялық лицейлерге қабыллаў басланды

Усы жыл 10-июньнан баслап 2025-2026-оқыў жылы ушын академиялық лицейлерге улыўма билимлендириў мектеплериниң 9-класс питкериўшилеринен ҳүжжетлерди my.edu.uz (https://my.edu.uz/) порталы арқалы онлайн қабыллаў басланды.
Абитуриентлер дизимнен өтиў процесинде системаға ID карта яки туўылғанлығы ҳаққында гүўалық мағлыўматларын киргизиў менен бирге төмендеги ҳүжжетлерди электрон түрде (DF, JPEG) жүклеўлери мүмкин:
3,5х4,5 см өлшемдеги 1 реңли сүўрет;
Оқыўға жеңиллик пенен кириў ҳуқықын бериўши ҳүжжетлер –пән олимпиадасы жеңимпазы екенин тастыйықлаўшы диплом, шет тили ҳәм улыўма билимлендириў пәнлерин билиў дәрежеси ҳаққындағы миллий яки халықаралық сертификат (бар болса).
Абитуриентлер дизимнен өтиўде өзлери таңлаған үшке шекем академиялық лицейдиң биреўден сәйкес бағдарын таңлаўы (онда билимлендириў тили бирдей болыўы керек). Сондай-ақ, қайсы шет тилинен кириў тест сынағын тапсырыўын белгилейди.
Абитуриент өзи таңлаған аймақта шөлкемлестирилетуғын кириў тест сынақларында қатнасады.
Қабыллаў процесслери 10-июльге шекем (сол күни де) даўам етеди. Қабыллаў процесслерине байланыслы қосымша мағлыўматларды академиялық лицейлерде шөлкемлестирилген “Масләҳәт орайлары” яки Министрликтиң @eduuzuniversal (https://t.me/eduuzuniversal) боты арқалы алыў мүмкин.
ӨзА