Медиацияға жумыс жүклемеси азайтылады

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының гезектеги мәжилисинде бир қатар нызам жойбарлары додаланды. Соның ишинде, Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексине өзгерислер киргизиў ҳаққындағы нызам жойбары додалаўлар орайында болды.
Атап өтилгениндей, бул нызам жойбарында мийнет қатнасықларындағы ҳуқықый кепилликлер, мийнетти қорғаў ҳәм жумысшылардың мәплерин тәмийинлеўге қаратылған нормалар нәзерде тутылған. Жумысшы-хызметкерлердиң мәплерин, нызамлы ҳуқықларын қорғаўға қаратылған нормалар депутатлар тәрепинен қызғын додаланып, усыныслар берилди.

Сондай-ақ, мәжилисте келиспеўшиликлерди тәреплердиң өз-ара келисиўи тийкарында шешиў, яғный медиация институтын жетилистириўге қаратылған нызам жойбары да ҳәр тәреплеме додаланды.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде судларда жумыс көлеми артып бармақта. Соның ишинде, 2023-жылы пуқаралық суд ислери 2021-жылға салыстырғанда 46 процентке артқан. Бул болса суд уйымларына жумыс жүгин арттырыў менен бирге халыққа да артықша ўақыт ҳәм әўерегершилик пенен байланыслы машқалаларды туўдырмақта.

Мағлыўматларға қарағанда, Америка ҳәм Европа мәмлекетлеринде келиспеўшиликлерди медиация жолы менен судқа шекем шешиў улыўма ислердиң 80 процентин қурайды. Өзбекстанда болса бул көрсеткиш пуқаралық ислерде 0,2 процентти, экономикалық ислерде болса тек ғана 1,8 процентти қурайды.
Бул нызам жойбарында медиация тәртип-қағыйдаларын қолланыў ушын хошаметлеўши нормалар, медиаторларға байланыслы талаплар ҳәм медиатив келисимлерди орынлаў қағыйдалары келиспеўшиликлерди альтернатив шешиў механизмлеринен бири сыпатында белгиленбекте.
Жойбардың қабыл етилиўи келиспеўшиликлерди нәтийжели ҳәм оператив шешиўге, медиация тәртип-қағыйдаларының барлық орынларда қолланылыўын хошаметлеў арқалы судлардағы жүклемени оптималластырыўға хызмет етеди.
М.Комилова, ӨзА