Коррупцияға қарсы гүресте ҒХҚның орны

Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги, Балтық ғалаба хабар қуралларын раўажландырыў орайы ҳәм Рига жоқары юридикалық мектеби менен биргеликте жергиликли ҳәм халықаралық экспертлер тәрепинен ғалаба хабар қураллары, блогерлер, баспасөз хаткерлери, студентлер ушын тренинг өткерилди.
Бул илаж Европа Аўқамы ҳәм Германия экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў федерал министрлиги (ВМZ) тәрепинен қаржыландырылып атырған «Өзбекстанда мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў, коррупцияның кең көлемли алдын алыў» жойбары шеңберинде шөлкемлестирилди.
Илаждың ашылыўында Латвия Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Рейнис Трокша, Балтық ғалаба хабар қуралларын раўажландырыў орайының атқарыўшы директоры Гунта Слога, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги мәлимлеме хызметиниң басшысы Шерзод Сапаров коррупцияға қарсы гүресиўде, бул иллеттиң алдын алыўда ғалаба хабар қураллары әҳмийетли орын иелейтуғынын атап өтти. Олардың билим ҳәм потенциалын арттырыў арқалы коррупцияны сапластырыў семинардан гөзленген тийкарғы мақсет болып есапланады.
Сорастырыў журналистикасы бойынша хабардарлық ҳәм көнликпелерди арттырыўға қаратылған дәслепки тренингте қатнасыўшыларға журналистлик сорастырыў тийкарлары, коррупциялық жағдайларды анықлаўда журналистлик сорастырыўдың орны, ғалаба хабар қураллары ҳәм интернет арқалы коррупцияның алдын алыў ҳәм ҳадаллықты қәлиплестириўде өзине тән механизмлер ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Халықаралық экспертлер медиа ўәкиллери менен коррупцияға байланыслы материаллар таярлаўда мағлыўматлар топлаў, олардан пайдаланыў, таллаў ҳәм жәмийетшиликке жеткериўде нызамшылық талаплары ҳәм кәсиплик этикасына әмел етиў бойынша өз тәжирийбеси менен ортақласты.
Қатнасыўшылар журналистлик сорастырыў алып барыўда тараў ўәкиллери ушын әмелдеги кепилликлер, журналистлердиң қорғалыўы, сорастырыўда итибар қаратылыўы керек болған тийкарғы тәреплер, коррупцияға байланыслы журналистлик материалларды таярлаўда жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланыў бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды ҳәм өз-ара пикир алысты.








Журналистлик сорастырыў алып барыўда фактлерди дурыс таллаў ҳәм талқылаў, объективлик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәр қыйлы кейслер ҳәм әмелий шынығыўлар мысалында көрип шығылды.
Н.Абдураимова,
Н.Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА