Пара спорт бойынша Өзбекстан ҳәм Иран бирге ислесиўи додаланды

Усы күнлерде Иран Миллий паралимпия комитетиниң баслығы Ғафур Карегари ҳәм комитет басшылығының ўәкиллери – Саид Солги ҳәм Ҳасан Солги әмелий сапар менен Ташкентте болып тур. Мәртебели мийманлар менен пайтахтымызда түрли дәрежедеги ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте.
Атап айтқанда, Өзбекстан спорт министрлигинде Өзбекстан Миллий паралимпия комитетиниң баслығы Мухтархан Тошхўжаев, спорт министриниң орынбасары Мурад Исмоилов ҳәм Иран Паралимпия комитетиниң президенти Ғафур Карегари қатнасыўында рәсмий ушырасыў болып өтти.

Онда елимизде пара спортты раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған реформалар, пара спортшыларымыз ерисип атырған жетискенликлер және бир мәрте атап өтилди. Иранда параспортты раўажландырыў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар, жетискенликлер ҳәм бул тараўға қаратылып атырған итибар ҳаққында да мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, еки мәмлекет арасында пара спорт тараўындағы байланысларды күшейтиў, өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм биргеликте оқыў-шынығыў жыйынларын өткериў бойынша келисим әмелге асырылды.

Сондай-ақ, Иран Миллий Паралимпия комитети делегациясы пайтахтымыздағы Республикалық Олимпия ҳәм Паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайының жумысын үйренди. Делегация орайдағы спорт объектлери, ол жерде пара спортшыларға жаратылған шараятлар, сайланды командалардың болажақ Паралимпия ойынларына таярлық цикли шеңбериндеги режелер додаланды.


Атап айтқанда, мәртебели мийманлар қурылыс жумыслары жуўмақланып атырған «Олимпия қалашасы»на барып, спорт имаратлары, мийманхана ҳәм жатақханалар менен танысты ҳәм «Ҳастимам» медресесин зыярат етти.
Жавоҳир Тошхўжаев, ӨзА