“Студентлердиң  киберспорт ойынлары – 2025” жарыслары шөлкемлестириледи

245

Елимизде мәмлекетимиз басшысының басламасы менен жолға қойылған “Әҳмийетли 90 күн” жойбары шеңберинде жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериў, оларды саламатландырыў, кәсип-өнерге бағдарлаў, билимлендириў шөлкемлери арасында жаз айларында  биргеликте жедел жумыс алып барыў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленген.

Усы мақсетте, бул жойбар системасында “Студентлердиң киберспорт ойынлары – 2025” республика чемпионаты өткерилиўи жәрияланды.

Оған бола, Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар  министрлиги ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер, ҳәкимликлер менен биргеликте “Студентлердиң киберспорт ойынлары – 2025”  республикалық чемпионатының бағдарламасы тастыйықланды.

“Студентлердиң киберспорт ойынлары – 2025” жарыслары “Dota2”, “CS2”, “FC25”  ойынлары ҳәм “Just Dance” фижитал аяқ-ойын бойынша 3 басқышта шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылған.

1-басқыш 9-14-июнь күнлери республикамыздағы барлық жоқары билимлендириў  мәкемелеринде шөлкемлестирилсе, 2-аймақлық басқыш 16-21-июнь күнлери өткерилип, онда жеңиске ерискен командалар 23-25-июнь күнлери Ферғана ўәлаятында   шөлкемлестирилетуғын финал басқышында күш сынасады.

Жаслардың интеллектуаллық потенциалын арттырыўға қаратылған бул жарысларда мүнәсип қатнасқан талантлы жаслар елимиздиң сайланды командаларына тартылады.

Еслетип өтемиз, “Студентлердиң киберспорт ойынлары – 2025”тиң республикалық басқышы жеңимпазлары тийисли дәрежедеги диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланады. Сондай-ақ, жарысларда сыйлы орынларды ийелегенлерге ақшалай сыйлықлар тапсырылады.

Тўлқин РЎЗИЕВ,

ӨзА