Өзбекстан – Словакия бизнес-форумы болып өтти

IV Ташкент халықаралық инвестиция форумы шеңберинде Өзбекстан – Словакия бизнес-форумы өткерилди. Илаж бар қатнасықларды тереңлестириў, жаңа бирге ислесиў тараўларын үйрениў ҳәм экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў ушын беккем тийкар жарататуғын әҳмийетли платформа болып есапланады.
Сырт елли делегацияның белсендилиги Словакия тәрепинен республикамыз бенен бирге ислесиўди раўажландырыўға қызығыўшылық жоқары екенлигин және бир мәрте тастыйықлады. Форум болса исбилерменлерге шерикликти беккемлеў ушын және де кең имканият жаратты.
Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Шоҳрух Ғуломов Словакия ҳәм Өзбекстан қатнасықлары 2024-жыл сезилерли дәрежеде жеделлескенин атап өтти. Өз-ара саўда муғдары 72,5 миллион евроға жетип, 2023-жылға салыстырғанда 48,8 процент артқан.
Ҳәзир елимизде усы мәмлекеттиң 19 компаниясы жумыс ислемекте. Демек, бул сан бар еки тәреплеме потенциалды сәўлелендирмейди. Усы көзқарастан мийманлар мәмлекетимиз базарындағы орнын беккемлеў ҳәм кеңейтиўге айрықша қызығыўшылық билдиргени итибарлы.


Мәселен, AZC, OFZ, “Rokosan”, “Matador” компаниялары машина қурылысы, металлургия, инфраструктура, аўыл хожалығы, азық-аўқат санааты ҳәм энергетика тараўларында бай тәжирийбеге ийе. Словакия экспортында тийкарғы орынды шина, автомобиль бөлеклери, металл буйымлар ийелейди. Бирге ислесиўшилер елимизден гүриш, мийўе, кийим-кеншек импорт етиў бойынша бир қатар басламаларды алға қойды. Усы унамлы өзгерислер экспортын 54,8 процент өсирип, импортты 3,5 процент азайтатуғыны атап өтилди.
Өзбекстан регионда инвестиция, инновация ҳәм раўажланыў ушын тартымлы орай болып қалмақта. Ҳәр еки тәреп келешекте қатнасықларымызды және де тереңлестирип, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў арқалы экономикалық бирге ислесиўде жаңа шеклер ашыў ушын таяр екенлигин билдирди.
Форум шеңберинде көплеген келисимлерге қол қойылды. B2B ҳәм G2B форматында шөлкемлестирилген сөйлесиўлер даўамында бизнес қатнасықлар орнатыў, шерикликтиң перспективалы бағдарларын додалаў имканияты пайда болды. Илаж жуўмағында машина қурылысы, фармацевтика, химия, транспорт, қурылыс материаллары, аўыл хожалығы, энергетика, азық-аўқат санааты, мәлимлеме технологиялары, денсаўлықты сақлаў ҳәм металлургия тараўларындағы 15 жойбар бойынша ҳүжжетлер қабыл етилди.
Беҳруз Худойбердиев, Рустам Назарматов (сүўрет), ӨзА