Ташкент халықаралық инвестиция форумында 8 мың делегат қатнасыўы күтилмекте

131

9-июнь күни Президент баспасөз хаткери Шерзод Асадов ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын бирфинг өткерди.

-Усы ҳәптеде мәмлекетимиздиң сыртқы сиясий ҳәм экономикалық турмысында әҳмийетли ўақыялар оғада көп. Президентимиз Шавкат Мирзиёев Словакия Республикасының Бас министри   Роберт Фицо менен сөйлесиўлер өткерди. Өзбекстан менен Словакия арасындағы қатнасықлар стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди. Ертең мәмлекетимиз басшысы Болгария Республикасы Президенти Румен Радев пенен сөйлесиўлер өткереди. Бүгин Ташкент халықаралық инвестиция форумы өз жумысын баслайды. Онда 8 мың делегат, соның ишинде, 100 ге шамалас мәмлекеттен 3 мыңға шамалас сырт елли мийман қатнасыўы күтилмекте, – деди Шерзод Асадов.

Соның ишинде, Болгария Президенти Румен Радев, Словакия Бас министри Роберт Фицо, Қазақстан Бас министри Олжас Бектенов, Қырғызстан Министрлер  Кабинетиниң баслығы – Президент Администрациясының басшысы Адилбек Касималиев, Тәжикстан Бас министри Қоҳир Расулзада, Әзербайжан Бас министри Али Асадов, Түркменстан Министрлер  Кабинети баслығының орынбасары Нокергули Атагулиев, сондай-ақ, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң әмелдеги баслығы, Финляндия сыртқы ислер министри Элина Валтонен, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Одиль Рено-Бассо, БРИКС Жаңа раўажланыў банкиниң президенти Дилма Русеф ҳәм басқалар қатнасады.

– Форумда Президентимиз Шавкат Мирзиёев қатнасып, шығып сөйлейди. Мәмлекетимиз басшысы глобаллық қәўипсизлик шақырықларының дүнья экономикасына өткерип атырған тәсир тенденцияларын есапқа алып, бирге ислесиўдиң тийкарғы принциплери ҳәм Өзбекстанның саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бағдарламасының тийкарғы бағдарлары бойынша өз пикирлерин билдиреди.

– форум шеңберинде биринши мәрте Миллий көргизбе болып өтеди.

– 11-июнь күни Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Сырт ел инвесторлары кеңесиниң 3-жалпы мәжилиси болып өтеди.

ӨзА