Стол тенниси жарысларының аймақлық басқышлары өткерилмекте

218

Нөкис қаласында “Жаңа Өзбекстан Олимпиада шоққылары” спорт жарысларының стол тенниси түри бойынша регионаллық басқышы даўам етпекте.

Нөкис қалалық 2-санлы спорт мектебинде спорттың усы  түри бойынша аймақлық басқыш беллесиўлери болып өтти.

Жарыста Әмиўдәрья, Тақыятас, Хожели районлары ҳәм Нөкис қаласының 15-17 жас категориясындағы қәбилетли споршылары өз-ара беллести.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы салық басқармасының баслығы Х.Бекчанов, Өзбекстан стол тенниси федерациясының стол теннисин ғалаба ен жайдырыў директоры А.Мелизияев,  Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Е.Қутыбаев ҳәм бир қатар жуўапкерлер, спортшы жаслар ҳәм тренерлер қатнасты.

Жеңимпазлар Қарақалпақстан Республикасы басқышында, оннан кейин Өзбекстан Республикасы басқышында қатнасыў имканиятын қолға киргизип, елимиз спортының ең абырайлы сахнасы есапланған “Президент Олимпиадасы”нда қатнасыў имканиятына ийе болады. Жарыс жуўмағында жеңимпазларға диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги