Халықаралық экспорт стандартлары бойынша түсиниклер берилди

213

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигинде, Аўыл хожалығы министрлиги, Turkcert Belgelendirme хызметлери сертификатластырыў шөлкеми ҳәм “Smart-TRC International Consulting Services” консалтинг шөлкеми менен биргеликте “Өзбекстан Республикасында өнимлер экспортын қоллап-қуўатлаў ҳәм халықаралық базарлардағы орнын беккемлеў, халықаралық сертификатлар алыў тәртиби” темасында семинар-тренинг шөлкемлестирилди.

Семинар-тренингтиң тийкарғы мақсети – жергиликли өндириўшилерге халықаралық стандартларға муўапық сертификатластырыў процесслери, экспорт мүмкиншиликлери ҳәм сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлылықты арттырыў жолларын түсиндириўден ибарат.

Семинарға 2025-жылы халықаралық стандарт талапларын енгизиў тилегин билдирген аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат санааты тараўындағы абырайлы кәрханалардың ўәкиллери, сондай-ақ, Аўыл хожалығы министрлигиниң районлық бөлимлериниң хызметкерлери қатнасты.

Семинар даўамында қатнасыўшыларға халықаралық сертификатларды алыў тәртиби, экспорт процесиндеги талаплар ҳәм мәсләҳәт бериў хызметлериниң артықмашылықлары ҳаққында толық мағлыўматлар берилди. Бундай семинарлар тек ғана экспорт потенциалын арттырыўға емес, ал жергиликли кәрханаларды глобал бәсекиге таярлаўға хызмет етеди.

Қатнасыўшылар семинар даўамында қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги