Жаңа өзгерислер таныстырылды

Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасы тәрепинен аймақларда киши ҳәм орта бизнести буннан былай да раўажландырыў, бул бағдарда олардың жумысына тосқынлық етип атырған машқалаларды сапластырыў мақсетинде исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўлер өткерилмекте. Усындай ушырасыўлардың гезектегиси Беруний районында болып өтти.
Ушырасыўдан мақсет – киши ҳәм орта бизнес ўәкиллериниң салық тараўындағы машқала ҳәм усыныслары менен шекленип қалмастан, басқа тараўларда да ушырасып атырған машқала ҳәм усынысларды үйренип, тийисли мәкемелер биргеликте унамлы шешимин табыўдан ибарат.
Жүзбе-жүз, ашықтан-ашық өткерилген сәўбетлесиўде салық басқармасы басшылары қатнасып, киши ҳәм орта бизнести және де раўажландырыў, бул бағдарда усы тармақ ўәкиллерине берилген жеңилликлер ҳәм салық жеңилликлери, сондай-ақ, салық уйымлары тәрепинен жасырын экономиканың алдын алыў, рәсмий емес исбилерменлик жумысын саядан алып шығыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтип, исбилерменлерге салық жеңилликлери ҳаққында толық түсиниклер берилди.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында усы жылдың 19‑март күни киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен тараўдың экономикадағы үлесин арттырыў ҳәм раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў мәселелерине бағышланған ушырасыўы болып ѳтип, бир қатар ўазыйпалар белгиленди.
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында 2025‑жыл 1-январь сәнесине 34574 (соннан, 16 91 микрофирма, 1 471 киши кәрхана, 16 312 жеке исбилерменлер) киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери исбилерменлик пенен шуғылланып атыр.
Соннан, Беруний районында 4137 (соннан, 2 090 микрофирма, 140 киши кәрхана, 1 907 жеке исбилерменлер) киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери исбилерменлик пенен шуғылланбақта.
Қарақалпақстан Республикасы бюджет дәраматларына 2024‑жыл ушын белгиленген 2 трлн. 837 млрд. сум прогноз көрсеткиши жыл жуўмағы менен 3 трлн. 30 млрд. сумға (106,8%) орынланып, бюджетке қосымша 192 млрд. сум түсим болды ямаса бюджетке түсимлер 2023‑жылға салыстырғанда 120 процентке, яғный 500 млрд. сумға өсти.
Соннан Беруний районында бюджет дәраматларына 2024‑жыл ушын белгиленген 57,7 млрд. сум прогноз көрсеткиши жыл жуўмағы менен 62,5 млрд. сумға (108,3%) орынланып, бюджетке қосымша 4,8 млрд. сум түсим тәмийнленди ямаса 2023‑жылға салыстырғанда 123 процентке, яғный 11,6 млрд. сумға өсим болды.
Киши ҳәм орта бизнестиң жедел раўажланыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў, аймақларда бизнес орталығын және де жақсылаў, экономикалық өсиўге түртки беретуғын жаңа бизнес басламаларын әмелге асырыўға жәрдемлесиў, бәсекиге шыдамлы өнимлер менен жаңа сыртқы базарларға шығыўды қоллап‑қуўатлаў мақсетинде Президентимиздиң усы жыл 19‑март күни ПП‑50‑санлы пәрманы қабыл етилди.
Усы пәрман менен 2025‑жыл 1‑майдан баслап “өзин‑өзи бәнт еткен пуқара ‑ жеке тәртиптеги исбилермен ‑ киши бизнес ‑ орта бизнес ‑ ири кәрхана” шынжыры тийкарында исбилерменлик субектлериниң ирилениўин хошаметлеў бойынша механизмлер енгизилди. Атап айтқанда, өзин‑өзи бәнт еткен пуқаралар жеке тәртиптеги исбилермен ямаса юридикалық шахс сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилгенде мәмлекетлик бажы өндирилмейди, өз жумысын жеке тәртиптеги исбилермен, микрофирма ямаса киши кәрхана категориясына шекем ирилендирген өзин‑өзи бәнт еткен пуқаралар ҳәм исбилерменлик субектлерине шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде 50 миллион сумға шекем, киши бизнести үзликсиз қоллап‑қуўатлаў комплексли бағдарламасы шеңберинде 150 миллион сумға шекем гиреўсиз кредитлер бериледи.
Өз жумысын орта ямаса ири бизнес категориясына шекем ирилендирген исбилерменлик субъектлерине бир жыл даўамында қосымша қун салығы суммасының орнын қаплаў (қайтарыў) жети күн мүддетте тезлестирилген тәртипте әмелге асырылады.
Усы пәрман менен исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар салық жеӊиликлери де берилген.
Бул өзгерислер әлбетте, елимизде исбилерменлердиң санын көбейип, жаңа жумыс орынларының жаратылыўына ҳәм экономикамыздың раўажланыўына тийкар болады.
Ушырасыўда исбилерменлердиң машқалалары, пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Исбилерменлер менен ушырасыўлар орынларда даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги