Ишимлик суўының баҳасы қалай белгиленеди?

247

Дүньяның көплеген мәмлекетлеринде болғаны сыяқлы Өзбекстанда да ишимлик суўының жетиспеўшилиги әҳмийетли машқалалардан бири. Буны халықтың ишимлик суўы менен тәмийинлениў дәрежеси 80,9 процент екенлигинен де түсиниў мүмкин.

Мағлыўматларға бола, Өзбекстан аймағында ишимлик суўы тәмийнатының 65 проценти жер асты ҳәм 35 проценти жер үсти суў дәреклеринен алынады.

Тутыныўшыларға таза ишимлик суўын жеткерип бериў ҳәм ақаба суўларды шығарып жибериў өз орнында бир қатар өндирис басқышларын, мыңлаған хызметкерлердиң мийнетин талап етеди.

Ҳәзирги жағдай болса халықты суў менен тәмийинлеў мәселелеринде базар баҳалары механизмлерине өтиў зәрүр екенлигинен дәрек береди. Хош, бунда тарифлер қалай қәлиплестириледи? Орайласқан ишимлик суўының баҳасы қайсы принциплер тийкарында белгиленеди? Усындай сораўларға жуўап алыў мақсетинде «Өзсуўтәмийнат» АЖ мәлимлеме хызметиниң баслығы Акмал Муродов пенен байланыстық.

– Ишимлик ҳәм ақаба суў хызметлери ушын тарифлерди қәлиплестириў, тастыйықлаў ҳәм әмелге киргизиў Өзбекстан Республикасының «Ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суўларды шығарып жибериў ҳаққында»ғы нызамына муўапық әмелге асырылады,-деди Акмал Муродов.- Нызамға тийкарланып суў тәмийнаты кәрханалары тәрепинен қәлиплестирилген усыныслар жәмийетшиликтиң додалаўына қойылып, баҳаларды тәртипке салыў уйымларының жуўмақлары алынғаннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслери тәрепинен тастыйықланады.

Тарифлердиң белгиленген тәртипте қайта көрип шығылыўы тараўды раўажландырыў ҳәм модернизациялаў арқалы тутыныўшыларға және де сапалы хызмет көрсетилиўин тәмийинлейди.

Ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суўларды шығарып таслаў бойынша хызметлер ушын тарифлер:

– өнимниң өзине түсер баҳасына киргизилген қәрежетлер (электр энергиясы, мийнет ҳақы, реагентлер, ағымдағы ҳәм ири оңлаў);

– ағымдағы қәрежетлер;

– система объектлерин раўажландырыў ҳәм модернизациялаў қәрежетлери;

– Халықаралық қаржы институтлары алдындағы миннетлемелер;

-салықлар ҳәм басқа мәжбүрий төлемлерден келип шығып қәлиплестириледи.

Кейинги жыллары елимизде орайласқан ишимлик суўының өзине түсер баҳасы ҳәм оннан пайдаланыў ушын белгиленген суў тарифлери арасындағы айырмашылық үлкейди. Бул бағдардағы ҳәзирги жағдай ишимлик суўын жеткерип бериў системасын модернизациялаўға тосқынлық етпекте.

Өзине түсер баҳаның қәлиплесиўине тийкарғы өндирис қәрежетлеринен басқа және бир қатар факторлар тәсир етеди:

Бириншиден, соңғы 3 жылда тутыныўшылардың саны 1 миллионнан артқан. Бул болса ишимлик суўын жеткерип бериў ушын және де көбирек мийнет ҳәм қәрежетлерди талап етеди;

Екиншиден, суўды узақ аралыққа жеткериў жүдә үлкен электр энергиясын талап ететуғын насослар арқалы әмелге асырылады.

Соның менен бирге, 2023-жыл 1-октябрьден электр энергиясының баҳасы 450 сумнан 900 сумға, 2025-жыл 1-майдан 900 сумнан 1000 сумға артқанын да еслеп өтиў керек;

Үшиншиден, турақлы түрде жүзеге келетуғын авариялық жағдайларды сапластырыў, тармақларды ағымдағы ҳәм толық оңлаў қәрежетлери болып табылады.

Бүгинги күнде 1 метр куб ишимлик суўы тариф қәрежетлеринде электр энергиясы қәрежетлери 27 процентти, толық ҳәм ағымдағы оңлаў қәрежетлери 19 процентти, сырт ел қаржы шөлкемлеринен тартылған кредитлерди қайтарыў қәрежетлери 21 процентти, мийнет ҳақы қәрежетлери 29 процентти, амортизация ҳәм басқа да қәрежетлер 4 процентти қурайды.

Көрсетилип атырған ишимлик ҳәм ақаба суў хызметлери тарифлерин өз ўақтында көрип шықпаў нәтийжесинде кәрхананың өзиниң ағымдағы қәрежетлерин қаплаў имканияты шекленип барады. Атап айтқанда:

– тараўға тартылған ҳәм тартылып атырған инвестициялар бойынша миннетлемелер сырт ел валютасында орынланыўы зәрүр. Соңғы үш жылда сырт ел валютасында алынған кредитлерди қайтарыўда сырт ел валютасының курсының жыл даўамында кескин артыўы нәтийжесинде финанслық қәрежетлер де артпақта;

– валюта курсы 21 процентке;

– зыянсызландырыў қураллары (хлор) 47 процентке;

– ағымдағы ҳәм ири оңлаў қураллары (қубыр) 25-50 процентке;

– Миллий гвардия имаратларын қорғаў хызметлери орташа 60 процентке артқан.

Сондай-ақ, 2021-жылы тастыйықланған тарифлерде ең кем мийнет ҳақы 679 мың сум бойынша есапқа алынған болып, бүгинги күнде бул көрсеткиш 1155 мың сумды қурамақта ямаса мийнет ҳақының муғдарлары (мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары) 44 процентке артқан.

Буннан тысқары, ишимлик ҳәм ақаба суў объектлерин қорғаў хызмети төлемлери соңғы үш жылда 6 мәрте артқаны нәтийжесинде 18,5 миллиард сум қосымша төлемлер келип шыққан.

Мәселениң ең ойландыратуғын тәрепи сонда, бул қәрежетлер 3 жыл алдын тастыйықланған әмелдеги тарифлерде нәзерде тутылмаған.

Ҳәзирги тарифлер менен есапласақ, халыққа орайласқан тармақлар арқалы жеткерип берилип атырған ишимлик суўының 1 литри 2 сум 79 тийинға туўра келеди. Саўда дүканларында болса 1 литр пластик қадақтағы суў орташа 4 мың сумды қурайды. Буннан көринип турғанындай, ишимлик суўының баҳасы 1430 есеге арзан ямаса саўда дүканларында сатып алынатуғын 1 литр суў пулына Ташкент қаласында 2800 литр ишимлик суўы жеткерип бериледи.

Жоқарыдағыларды есапқа алып, кәрханалар өз миннетлемелерин толық орынлаўы ушын тарифлерди қайта көрип шығыўы ҳәм оларды өзине түсер баҳасын толық қаплайтуғын дәрежеге жеткериў талап етиледи.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Қашқадәрья, Самарқанд, Сурхандәрья, Ташкент, Ферғана, Хорезм ўәлаятларында ишимлик ҳәм ақаба суў тарифлери қайта көрип шығылды.

Нилуфар Бозорова жазып алды. ӨзА