2030-жылға барып “жасыл” энергияның үлеси 54 процентке жеткериледи

Экологиялық қәўиплердиң алдын алыў – бул қоршаған орталыққа тәсир етиўши унамсыз факторларды азайтыў яки пүткиллей сапластырыўға қаратылған әҳмийетли ўазыйпа.
Америка Қурама Штатларының Вашингтон қаласында болып өткен Глобал экологиялық фонд (GEF) кеңесиниң 69-мәжилисинде экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов та қатнасты. А.Абдуҳакимовтың баянатына бола, мәмлекетимизде экологиялық қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Арал теңизиниң қурыған ултанында кең көлемли тоғайластырыў кампаниясы алып барылмақта.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнге шекем 2 миллион гектар майдан жасыл аймаққа айландырылған. “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде жасыл аймақларды 30 процентке шекем арттырыў мақсет етилген болып, ҳәр жылы 200 миллион түп терек егилмекте. 2030-жылға барып “жасыл” энергияның үлесин 54 процентке жеткериў режелестирилген. Қайта тиклениўши энергия ҳәм шығындысыз транспортқа өтиў хошаметленетуғыны жолға қойылған.
Буннан тысқары, БМШ Бас Ассамблеясының бир қатар резолюциялары, соның ишинде, 2027-2036-жыллар аралығында тоғай ҳәм жерлерди тиклеўге байланыслы резолюция алға қойылмақта.
Кеңесте 2026-жылы GEFтиң 8-ассамблеясы ҳәм GEF Кеңесиниң 71-мәжилисин Самарқандта өткериў ҳаққында қарар қабыл етилди. Өз гезегинде, Азиз Абдуҳакимов Өзбекстан Республикасы ҳүкимети атынан терең миннетдаршылық билдирип, GEF жәрдеминде Өзбекстанның экологиялық күн тәртибин қәлиплестириўде әҳмийетли жетискенликлерге ерисилгенин ҳәм бирге ислесиўди даўам еттириўге үмит билдиретуғынын айтып өтти.
– Орайлық Азия елеге шекем климат өзгериўи, суў жетиспеўшилиги ҳәм жер деградациясы қәўпине оғада тәсиршең регион болып қалмақта, – дейди Азиз Абдуҳакимов. – 2026-жылдағы GEF Ассамблеясы бул мәселелерге итибар қаратыў, қаржы жумсаў, билимлер алмасыў ҳәм турақлылықты беккемлеў ушын әҳмийетли майдан болып хызмет етеди. Биз саммит шеңберинде бирге ислесиўши мәмлекетлер менен регионаллық бирге ислесиўди күшейтиў, климат турақлылығын арттырыў ҳәм биокөптүрлилик жоғалыўының алдын алыўға умтылмақтамыз.
ӨзА