Қабулда суў ресурслары пүткиллей жоқ болып кетиўи мүмкин

The Guardian газетасының хабар бериўинше, Қабул суўы қурып питетуғын биринши заманагөй қала болыўы мүмкин. Соңғы 10 жыл ишинде Аўғанстан пайтахтындағы суў қәдди урбанизация ҳәм климат өзгериўи себепли 30 метрге төменлеген.
Қаладағы ишимлик суўы қудықларының дерлик ярымы әлле қашан қурып қалған. Егер ҳәзирги жағдай даўам етсе, 2030-жылға барып Кабул өзиниң жер асты суў резервлерин пүткиллей жоғалтады. Бул қаланың 7 миллион халқының өмирине үлкен қәўип туўдырыўы мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги