«Қәўипсиз қала» системаларын раўажландырыў бойынша бирге ислесиў меморандумына қол қойылды

Ишки ислер министрлиги «Қәўипсиз қала» системаларын раўажландырыў орайы ҳәм Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.
Онда «Қәўипсиз қала» системаларын раўажландырыў тараўында кадрлар таярлаў бойынша бирге ислесиў, сырт елли экспертлер менен тығыз байланысларды жолға қойыў, университет профессор-оқытыўшылары тәрепинен белгили бағдарларда қәнигелигин арттырыў курсларын шөлкемлестириў, халықаралық көлемдеги экспертлердиң қатнасыўында лекциялар шөлкемлестириў сыяқлы бир қатар мәселелер додаланды.

Сондай-ақ, «Қәўипсиз қала» орайының директоры У.Куланов ҳәм ТАТУ ректоры Б.Маҳкамов университетте әмелге асырылып атырған жумыслар, студентлер ушын жаратылған шараятлар, заманагөй усылда үскенеленген оқыў ханалары менен танысты.

Ушырасыў соңында тармақ ҳәм система администраторлығы ҳәм мәлимлеме қәўипсизлиги мәселелеринде кадрларды жеткерип бериў ҳәм ишки ислер уйымларын санластырыўда «санлы жәмәәт»ти қәлиплестириў, биргеликте тараўға байланыслы қолланба, мобиль қосымшалар ислеп шығыў, изертлеў ҳәм жойбарлар үстинде излениўлер алып барыўға келисип алынды.
У.Қурбонов, ӨзА