Берунийде “Роҳат” балалар жазғы дем алыў орайы иске түсти

283

Балалардың жазғы дем алысын мазмунлы өткериў мақсетинде “Роҳат” балалар жазғы дем алыў орайы өз жумысын баслады.

Бул орайға биринши мәўсимде 100 бала қабыл етилди.

Быйыл дем алыў орнына 6 мәўсим шөлкемлестирилип, ҳәр бир мәўсимде 100 бала қамтып алынады. Балалар дем алыс даўамында ҳәр қыйлы дөгерек ҳәм спорт жарысларына қатнасады.

Беруний районы ҳәкиминиң орынбасары Д.Каримов ҳәм бир топар шөлкемлестириўшилер дем алыў орайындағы илажда қатнасып, балалардың мазмунлы дем алыўы ушын жаратылған шараятлар менен танысты. Илаж жас талант ийелериниң қосықлары, аяқ ойынлары ҳәм спорт илажы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги