9-июнь күни Көксарай резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Словакия Республикасы Бас министри Роберт Фицоның сөйлесиўлери болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Словакия арасындағы әмелий бирге ислесиўди және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы бул сапар етиў көп тәреплемели Өзбекстан-Словакия қатнасықлары тарийхында сапа жағынан жаңа басқышты баслап беретуғынын айрықша атап өтти.

Бирге ислесиў барлық бағдарларда жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Сыртқы ислер министрликлери дәрежесинде конструктивлик сиясий сөйлесиўлер жолға қойылды, исбилерменлик ҳәм гуманитарлық алмасыўлар жеделлести.

Товар алмасыў артып бармақта. Май айында Ҳүкиметлераралық комиссияның биринши мәжилиси нәтийжели өткерилди. Кооперацияның бир қатар жаңа бағдарлары ҳәм жойбарлары үстинде жумыс алып барылмақта.

Заманагөй қәўип-қәтерлер ҳәм алдыннан айтып болмайтуғын халықаралық жағдайды есапқа алып, сыртқы сиясий уйымлар, соның ишинде, Европа институтлары менен шериклик шеңберинде системалы бирге ислесиў, муўапықластырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Товар алмасыўды көбейтиў, бәринен бурын, өз-ара жеткерип берилип атырған өнимлердиң түрлерин кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстаннан тоқымашылық, аўыл хожалығы, электротехника, химия өнимлери, полимерлер, Словакиядан болса каучук, автомобиль бөлеклери, фармацевтика ҳәм басқа да санаат товарларын жеткерип бериў солардың қатарына киреди.

Техникалық жақтан тәртипке салыў ҳәм метрология тараўларында қол қойылатуғын келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде техникалық тосқынлықларды сапластырыў ҳәм квант эталоны лабораториясын иске қосыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Словакияның жетекши компаниялары менен санаат кооперациясы бойынша кең көлемли бағдарламаны таярлаў, соның ишинде, агросанаат комплекси, автомобильлер ушын аўысық бөлеклерди локализациялаў, фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў, “жасыл” энергетика ҳәм туризм жойбарларын әмелге асырыў бойынша келисимге ерисилди.

Санлы шешимлерди енгизиў ҳәм стартап инвестициялар тараўында үлкен имканиятлар бар. Усы мәнисте, IT стартапларын акселерациялаў бойынша биргеликтеги венчур фондын шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

Сондай-ақ, биргеликтеги жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын бар қаржы қуралларынан кеңнен пайдаланыў усыныс етилди.

Гуманитарлық тараўда билимлендириў ҳәм академиялық алмасыўды раўажландырыўдан еки тәреп те мәпдар екени тастыйықланды. Биргеликтеги изертлеў бағдарламаларын, соның ишинде, Братиславадағы Коменский университетиниң қатнасыўында жолға қойыў бойынша келисимге ерисилди.

Тәреплер өз-ара көргизбелер, кино көрсетиўлер, концертлер, сондай-ақ, музей иси тараўындағы жойбарларды өткериўди нәзерде тутатуғын Мәденият тараўында бирге ислесиў бағдарламасын қабыл етиўге келисип алды.

Шөлкемлестирилген мийнет миграциясы мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Словакия тәрепи бул тараўда системалы бирге ислесиўди жолға қойыўдан мәпдар екени атап өтилди.

Халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер, соның ишинде, көп тәреплеме майданларда өз-ара қоллап-қуўатлаў бойынша да пикир алысты.

Қабыл етилген қарар ҳәм келисимлерди өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў мақсетинде еки мәмлекет ҳүкиметлери тәрепинен кең көлемли “жол картасы” қабыл етилиўи ҳаққында келисип алынды.

 

ӨзА