Кашмир музы жүдә тез ерип атыр

Ҳинд илимпазлары Кашмир музлықлары температура көтерилиўи себепли жедел пәт пенен ерип, Гималайдағы миллионлаған адамларды суў менен тәмийинлеў процесине қәўип салып атырғанынан қәўетерленип атыр. «Ховар» агентлиги бул ҳаққында арнаўлы мақала жәриялаған.
Кашмир университети Геология ҳәм геофизика бөлими тәрепинен өткерилген изертлеў көрсеткениндей, музлықлардың тез ериўи регион климатын өзгертип, аўыл хожалығы, бағшылық, шарўашылық ҳәм тоғай хожалығында бәнт 10 миллионға шамалас халықтың үштен еки бөлегиниң турмыс шараятына қәўип туўдырмақта.

Илимпазлардың атап өтиўинше, соңғы 40 жылда Кашмирдеги ең үлкен Колахой музлығының көлеми шама менен 11 квадрат километрден 4,44 квадрат километрге шекем, яғный 18 процентке азайған, региондағы басқа музлықлар болса тап усы дәўирде 16 процентин жоғалтқан.
Кашмирдиң тийкарғы тиришилик суўы – Желум дәрясын тойындыратуғын Колахой суўы мәмлекеттеги халқы ең көп Панжаб ўәлаяты аўыл хожалығында үлкен әҳмийетке ийе.
Өткен жылы «Action Aid» халықаралық қайырқомлық шөлкеми регионның көпшилик бөлиминде муз көлеми қысқарып баратырғанынан ескертип, климат өзгериўи жаўын-шашынға тәсир етип атырғаны, ақыбетинде азық-аўқат ислеп шығарыў азайғанын мәлим еткен еди.

Нью-Делидеги Энергетика ҳәм ресурслар институтының бас музтаныўшысы, профессор Сайид Иқбол Ҳаснайнның айтыўынша, изертлеў нәтийжеси климат системасының ысыўы анық екенлигин және бир мәрте тастыйықлаған.
1995-жылдан берли музлықларды үйренип атырған ҳинд геологи Ражив Упадхайдың пикиринше, жаңа изертлеў жуўмағы алдынғылары менен сәйкес келеди.
– Изертлеў Гималай музлығының шама менен 90 проценти қысқарыўы улыўма тенденциясын тастыйықлайды. Айырым музлықлар қорқынышлы пәтте – жылына 44-45 метр азаймақта, – дейди илимпаз.
С.Раҳимов, ӨзА