Эмбрионларды генетикалық өзгешеликлерине қарай таңлаў ҳақыйқатқа айланды

198

Nucleus стартапы болажақ ата-аналарға жасалма туқымландырыў (ЭКО) дан алдын эмбрионлар генетикасын таллаў имканиятын беретуғын программалық тәмийнатты иске қосты.

Программа ДНК мағлыўматларынан пайдаланып, мыңнан аслам түрли белгилерди ҳәр тәреплеме анализлейди, соның ишинде:

нәсиллик кеселликлер (мәселен, муковиссидоз, орақ тәризли клеткалы кемқанлық);

организмниң созылмалы жағдайлары (рак, қантлы диабетке бейимлилик);

руўхый саламатлық (түскинлик, дыққат жетиспеўшилиги ҳәм артықша активлик синдромы қәўипи);

неврологиялық кеселликлер (Альцгеймер кеселлигиниң дәслепки белгилери);

физикалық өзгешеликлер (бой, көз ҳәм шаш реңи).

Қарақалпақстан хабар агентлиги