Өзбекстан – АҚШ бизнес-форумы жаңа бирге ислесиў имканиятларын жаратты

Бүгин пайтахтымыздағы «CAEx Uzbekistan» халықаралық көргизбелер орайында Өзбекстан – АҚШ бизнес-форумы болып өтпекте.
Онда еки тәреп рәсмийлери, жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелери, исбилермен топар ўәкиллери ҳәм экспертлер қатнаспақта.

Форумда шығып сөйлеген Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Хўжаев елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли экономикалық реформалар, инвестициялық орталықты жақсылаўға қаратылған илажлар ҳәм олардың халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўдеги орны ҳаққында айтып өтти.

Атап өтилиўинше, соңғы жыллары Өзбекстан-АҚШ саўда-экономикалық қатнасықлары избе-из раўажланып, бир қатар ири жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта.

Америка-Өзбекстан саўда палатасының баслығы Керолин Лэмм де форум шеңбериндеги шығып сөйлеген сөзинде мәмлекетимизде жаратылған қолайлы инвестициялық орталық, жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаў ҳәм экономикалық ашық-айдынлық АҚШ компаниялары ушын әҳмийетли имканиятлар жаратып атырғанын атап өтти. Оның пикиринше, бундай бизнес-форумлар еки мәмлекет арасындағы исбилерменлик байланысларын және де беккемлеў, жаңа бағдарларда бирге ислесиўди кеңейтиў ушын нәтийжели платформа ўазыйпасын атқармақта.

Илаж шеңберинде энергетика, агросанаат, мәлимлеме технологиялары, санаат, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў сыяқлы тараўларда бирге ислесиў перспективалары додаланды.
Форум қатнасыўшыларының атап өтиўинше, бул бизнес-форум еки мәмлекет арасындағы экономикалық байланысларды буннан былай да беккемлеў, исеним ҳәм өз-ара пайдаға тийкарланған жаңа шерикликти қәлиплестириўде үлкен әҳмийетке ийе.
Бизнес-форум өз жумысын даўам еттирмекте.
Насиба Зиёдуллаева, ӨзА