Омбудсман викторинасының жеңимпазлары анықланды

205

Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман), Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы тәрепинен «Ҳуқық билимданы» Омбудсман викторинасының жуўмақлаўшы басқышы өткерилди.

Инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин әмелге асырыўда имканиятлардың теңлигин тәмийинлеў, әсиресе, жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балалардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў үлкен әҳмийетке ийе.

Меҳрийбанлық үйи тәрбияланыўшылары арасында ҳуқықый хабардарлықты арттырыў, оларды нызамға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў итибардан шетте қалмаўы зәрүр.

Усы мақсетте Меҳрийбанлық үйи тәрбияланыўшыларының ҳуқық тараўына болған қызығыўшылығын ҳәм билимлерин арттырыўға қаратылған жойбар 1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күнине бағышланды.

Еки басқыштан ибарат бул викторинада Ташкент қаласында жайласқан Меҳрийбанлық үйлериниң 100 ге шамалас тәрбияланыўшысы қамтып алынды.

Атап айтқанда, қалаымыздағы 22 ҳәм 30-санлы Меҳрийбанлық үйлериниң өзбек ҳәм рус тиллеринде билим алатуғын жоқары класс оқыўшылары викторинаның 1-басқышында қатнасты.

Омбудсман викторинасының жуўмақлаўшы басқышына тестлерден ең жоқары балл топлаған 10 оқыўшы қатнасты.

Викторина қатнасыўшыларының билими усы жойбар интакерлери, сенатор ҳәм депутатлар және Балалар омбудсманы тәрепинен баҳаланды.

Қатнасыўшылар белгиленген ўақыт ишинде берилген теориялық ҳәм турмыслық ўақыялардан келип шығып дүзилген әмелий сораўларға жуўап берди.

Дәслеп викторинаның финал басқышына жетип келген 6 қатнасыўшыға миннетдаршылық хаты ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Буннан соң төрешилер қурамы ағзалары тәрепинен берилген баллар тийкарында анықланған жеңимпазлар диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапық, мәмлекет ҳәм жәмийет жетим балаларды және ата-анасының қәўендерлигинен айырылған балаларды бағыў, тәрбиялаў, олардың билим алыўы, саламат, толық ҳәм ҳәр тәреплеме камалға келиўи, сондай-ақ, баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў, оның физикалық, ақылый ҳәм мәдений жақтан толық раўажланыўы ушын ең жақсы шараятларды жаратады.

Н.Абдураимова, ӨзАның хабаршысы