Словакия Бас министри «Жаңа Өзбекстан» бағындағы Ғәрезсизлик монументине гүл қойды

650

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Словакия  Республикасы Бас министри  Роберт Фицо рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болып турыпты.

Жоқары мәртебели мийман 9-июнь күни Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары  Жамшид  Хўжаев пенен биргеликте «Жаңа Өзбекстан» бағына барып, Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.

Комплекс пенен қысқаша танысыў тийкарында Словакия  делегациясының ўәкиллерине усы ансамбль мазмуны ҳәм  архитектуралық шешимлери ҳаққында мағлыўмат берилди.

“Жаңа Өзбекстан” бағы ҳәм Ғәрезсизлик монументи ғәрезсизлигимиздиң отыз жыллығына бағышлап қурылған. Үш мың жылдан аслам дәўир – ана Ўатанымыз аймағындағы миллий мәмлекетшилик тарийхының тамырлары соншелли терең. Монументке итибар қаратқан адам мине, усы аўыр өтмиштиң көркем сүўретлениўине гүўа болады.

Жоқары мәртебели мийманлар, рәсмий сырт ел делегацияларының елимизге сапары шеңберинде бул жердеги монументке гүл қойыў дәстүрге айланған. Делегация ағзалары комплексте сәўлелендирилген уламалар, уллы сәркарда ҳәм жәҳәнгирлер, жадид бабаларымыздың тулғаларына айрықша итибар қаратты. Тынышлық, еркинлик, жақсылық тымсалы болған Ҳумо қусы сүўрети комплекстиң мисли гүлтажы сыяқлы көринетуғыны атап өтилди.

Сапар бағдарламасына муўапық, Ташкент қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болып өтеди, Өзбекстан – Словакия көп тәреплемели бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланады.

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

Рустам НАЗАРМАТОВ (фото), ӨзА