Қаҳарман футболшыларымыз салтанатлы күтип алынды

Өзбек халқының, соның менен бирге, көп миллионлы футбол ықласбентлериниң узақ жыллық әрманы орынланды.
Анығырақ айтатуғын болсақ, Азия континентинде футбол бойынша Жәҳән чемпионатының 3-сайлап алыў басқышының 9-турында Өзбекстан сайланды командасы БАӘ сайланды командасына қарсы 0:0 есабында тең нәтийже көрсетти. Буның менен сайланды командамыздың очколары 18 ге жетип, мәмлекет тарийхында биринши мәрте Жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди. Бул жеңис барлық ўатанласларымызды шексиз қуўандырды. Бүгин халқымыз шын жүректен футболшыларымыз бенен мақтанбақта.
Футболымыз тарийхында жаңа бет ашқан Темур Кападзе басшылығындағы сайланды командамыз ағзаларын Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында ҳүкимет ағзалары, спортымыз жуўапкерлери, ата-аналар, тренерлер, кең жәмийетшилик ўәкиллери, тараў пидайылары салтанатлы күтип алды.
Узақ күтилген минутлар өз жуўмағына жетип, жүзлери жарқын, басларын мақтанышлы көтерген футболшыларымыз көзге таслана баслады.



– Бул күнди ҳәм футболшы, ҳәм тренер сыпатында көп күткенмен, – дейди Өзбекстан миллий сайланды командасының бас тренери Темур Кападзе. – Ҳеш гүмансыз, бул жеңислеримиздиң тийкарында бәринен бурын халқымыздың исеними ҳәм пәтиясы жатыр. Күни кеше Президентимиз Шавкат Мирзиёев жәмәәтимиз ағзаларын телефон арқалы қутлықлағаны бизди оғада қуўандырды. Бизге жоллаған қутлықлаўындағы «Ҳеш гүмансыз, миллий спортымыз жылнамасына алтын ҳәриплер менен жазылатуғын бундай жарқын нәтийже елимиздеги миллионлаған футбол ықласбентлери, пүткил халқымыздың неше жыллық әрманы еди» деген сөзлери өзим сыяқлы барлық командамыз ағзаларын руўхландырды. Халқымыздың ең уллы әрманларынан бирин әмелге асырғанымыздан қуўанышлымыз. Енди бизиң жуўапкершилигимиз және де артады ҳәм 2026-жылғы Жәҳән чемпионатында да мүнәсип қатнасыўға бар күш-ғайратымызды жумсаймыз.
Әлбетте, бул жеңис мәмлекетимизде соңғы жылларда спорт тараўы, атап айтқанда, өзбек футболына қаратылып атырған итибардың әмелий көриниси болып есапланады. Футболды ғалаба ен жайдырыў, жас әўлад арасында спортқа қызығыўшылықты арттырыў, халықаралық жарысларда мүнәсип қатнасатуғын сайланды командаларды қәлиплестириў мақсетинде системалы жумыслар әмелге асырылды.
– Өткен жылы Олимпиада сайланды командамыз қурамында «Париж-2024» Олимпиада ойынларына жолламаны қолға киргизип, тарийхый нәтийже көрсеткен болсақ, быйыл миллий сайланды командамыз қурамында Жәҳән чемпионатына жол алдық ҳәм халқымыздың әзелий әрманын әмелге асырдық, – дейди Өзбекстан миллий сайланды командасы ағзасы Аббосбек Файзуллаев. – Халқымыздың неше жыллық әрманы орынланды. Буған белгили дәрежеде өз үлесимди қосқанымнан қуўанышлыман. Мәмлекетимизде спортшыларға жаратылып берилип атырған кең имканиятлар ҳәм биз, жасларға қаратылған айрықша итибар нәтийжесинде үлкен шеклерди қолға киргизбекте. Буның ушын Президентимиз ҳәм халқымызға өз миннетдаршылығымызды билдиремиз.
Футбол бойынша Азия континентинде Жәҳән чемпионаты 3-сайлап алыў басқышының 9-тур ойынларының жуўмағына бола, «А» топарындағы жағдай бир қанша айқынласты. Топарда Иран 20 очко менен биринши болып баратырған болса, Өзбекстан сайланды командасы 18 очко топлап, екинши орынды ийеледи. Бул сайланды командалар мүддетинен алдын Жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди. БАӘ сайланды командасы 14 очко менен үшинши орында қалды. Қатар 13 очко менен 4-орынды беккемледи. Қырғызстан 7, КХДР 3 очко менен кейинги орынды ийеледи.
Енди 10-июнь күни Өзбекстан – Қатар, Қырғызстан – БАӘ ҳәм Иран – КХДР сайланды командалары соңғы тур ушырасыўларын өткереди.
Еслетип өтемиз, 2026-жылы АҚШ, Канада ҳәм Мексика мәмлекетлеринде болып өтетуғын футбол бойынша жәҳән чемпионатында 48 команда қатнасыўы белгиленген. Континентимизге тиккелей 8, континентлер аралық плей-офф ойынлары арқалы болса бир орын ажыратылған.
Азия континенти ушын Жәҳән чемпионатының 3-сайлап алыў басқышында 18 команда үш топарға бөлинди ҳәм олар дөгерек системасында (үй-сапар) беллеспекте. Ҳәр бир топардан ең жақсы еки орынды ийелеген сайланды команда 2026-жылғы Жәҳән чемпионатына тиккелей жоллама алады.
Азия сайлап алыў топарларында үшинши ҳәм төртинши орынларды ийелеген 6 сайланды команда жуўмақлаўшы басқышта ҳәр бири үш командадан ибарат еки топарға бөлинген ҳалда дөгерек форматында гүрес алып барады.
Азия плей-офф басқышында ең жақсы еки орынды ийелеген командалар «ЖЧ-2026» жолламасына ийе болады. Ҳәр еки топарда екинши орынды ийелеген командалар континентлер аралық плей-оффта АФК атынан қатнасатуғын команданы анықлаў ушын өз-ара ойын өткереди.
Илажда Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов қатнасты.
Тўлқин РЎЗИЕВ,
Жавоҳир ТОШХЎЖАЕВ,
ӨзАның хабаршылары