Жасларға компьютер ҳәм китаплар тапсырылды

243

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев «Жаслар айлығы» шеңберинде Қоңырат районындағы мәнзил колониялардың биринде жаза мүддетин өтеп атырған жаслар менен ушырасты. 

Ушырасыўда республикамыз басшысы елимизде жасларға қаратылып атырған итибар мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланғаны, усы тийкарда олардың өз қәбилетин жүзеге шығарыўы, терең билим ийелеўи, озық ойлы ҳәм ана-Ўатанымызға садық хызмет ететуғын пидайы инсанлар болып камалға келиўине шараятлар жаратылғанлығын атап өтти.

Соның менен бирге, мәмлекетимиздиң мың-мыңлаған жаслары қатарында турмыс жолларында азғана алжасып, бүгинги күнде мәнзил колонияларында жаза мүддетин өтеп атырған жаслар да итибардан шетте қалмайтуғынлығы, олардың тез арада жәмийетке араласып, өз орнын табыўы ушын жақыннан жәрдем берилетуғынлығы айрықша тилге алынды.

Өз гезегинде, өткерилген ушырасыўда жаслар да бул жерде бос ўақытларынан нәтийжели пайдаланып, кәсип-өнер ийелеўге болған қызығыўшылықлары ҳәм өзлериниң тилек-өтинишлерин билдирди.

Ушырасыўда барлық көтерилген мәселелер белгилеп алынып, тез пурсатта әмелий илажларды көриў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, жаслардың IT тараўын ҳәм шет тиллерин үйрениўине жәрдемлесиў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев тәрепинен арнаўлы компьютерлер ҳәм китаплар тапсырылды.

Буннан соң республикамыз басшысы мәнзил колонияда жаслардың бос ўақытларынан нәтийжели пайдаланыўы ушын жумыс алып барып атырған кәсипке бағдарлаў орынлары менен жақыннан танысып, олардың пайдалы жумыс пенен шуғылланыўы, илим ҳәм өнер үйрениўи ушын еле де көбирек имканиятлар жаратыў бойынша тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги