Өзбекстан халқына Қурбан ҳайыты қутлықлаўы

361

Ҳүрметли ўатанласлар!

Сиз, әзизлерди, барлық мөмин-мусылман ўатанласларымызды, пүткил халқымызды уллы ҳәм қәдирли әййям – Қурбан ҳайыты менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлап, өзимниң жоқары ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдириўден оғада қуўанышлыман.

Пүткил ислам үммети ушын қәдирли болған бул уллы байрам – Ийд ал-Адҳони ел-халқымыз бенен биргеликте тыныш ҳәм татыў орталықта күтип алып атырғанымыз ушын, бәринен бурын, меҳрийбан ҳәм қүдиретли Алла таалаға есапсыз шүкирлер айтамыз.

Сөзсиз, кейинги жыллары Жаңа Өзбекстанда социаллық, халықшыл мәмлекет қурыў, оның руўхый тийкарларын беккемлеў ҳәм тәсиршеңлигин арттырыўда муқаддес ислам дини, оның тийкарғы байрамларынан бири болған Қурбан ҳайыты да әҳмийетли роль атқармақта.

Әсиресе, бул байрамның адамгершилик, аўызбиршилик, сақаўат ҳәм уллылық сыяқлы пазыйлетлери елимизде “Инсан қәдири ушын, инсан бахыты ушын” деген ийгиликли идея тийкарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға сәйкес түрде, халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў, кекселер, жаслар ҳәм ҳаял-қызларға айрықша ғамхорлық көрсетиў, кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылған бағдарламаларымыздың нәтийжесин арттырыўға хызмет етип атырғанын айрықша атап өтиў орынлы.

Әзиз дослар!

Бүгинги күнде елимизде түрли миллетлер ҳәм диний конфессиялар арасындағы аўызбиршиликти беккемлеў, ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў, диний-ағартыўшылық мийрасымызды қәстерлеп-сақлаў, жас әўладты миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.

Бул ҳаққында сөз еткенде, ислам дининиң ийгиликли принциплерин терең үйрениў, уллы тарийхымыз ҳәм мәдениятымыздың дүрданаларын, белгили уламаларымыздың бай мийрасын жыйнаў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтиў керек. Соның ишинде, әййемги Шығыс әжайыбаты – Самарқанд қаласы 2025-жылы ислам мәденияты пайтахты, деп жәрияланды, уллы ўатанласымыз Имам Матуридийдиң 1155-жыллық туўылған күни елимиз бойлап кеңнен белгиленбекте, Имам Бухарий, Имам Матуридий ҳәм Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайлары қатарына, усы жылы Бухара қаласында өз жумысын баслайтуғын Баҳауддин Нақшбанд илимий-изертлеў орайы да қосылды.

Пайтахтымыз Ташкент қаласында қурылып атырған Ислам цивилизациясы орайы илимий-руўхый бағдардағы үлкен ҳәм бийбаҳа жойбар сыпатында елимиз ҳәм халықаралық жәмийетшиликте үлкен қызығыўшылық оятпақта. Бул уллы орын көп мың жыллық әййемги тарийхымыз, бай ҳәм бийтәкирар миллий мәдениятымыздың айқын тымсалы сыпатында Жаңа Өзбекстан турмысындағы оғада әҳмийетли ўақыяға айланады, деп исенемен.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Усы бахытлы күнлерде 15 мың ўатанласымыз муқаддес ҳаж зыяратын орынламақта. Жақсы дуўа ҳәм нийетлер қабыл болатуғын мине усындай нурлы демлерде оларды да Қурбан ҳайыты менен қызғын қутлықлап, Жаратқаннан елимизге саў-саламат қайтып келиўин сораймыз.

Ҳүрметли ҳажыларымыз жәмийетимизде аўызбиршилик, шаңарақ ҳәм мәҳәллелеримизде меҳир-мүриўбет орталығын және де беккемлеў, жасларымыздың тәрбиясын күшейтиў, оларды илим-ағартыўшылыққа, заманагөй кәсип-өнерлерди ийелеўге, Ўатан қорғаўшысы болыўға үгит-нәсиятлаў, мүтәж инсанларға жәрдем бериўде айрықша өрнек ҳәм үлги көрсетеди, деп үмит етемиз.

Кеўиллеримиз қуўанышқа толған усы пайызлы күнлерде сырт мәмлекетлерде болып турған ўатанласларымызды да бүгинги уллы әййям менен шын кеўлимнен қутлықлап, оларға саў-саламатлық, бахыт ҳәм әўмет тилеймиз.

Дүньяның алыс-жақын үлкелериндеги мусылман үмметин де қызғын қутлықлап, олардың халықлары менен мәмлекетлерине тынышлық, раўажланыў ҳәм абаданлық тилеп қаламыз.

Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!

Ҳәзирги күнде дүнья қаншелли қурамалы ҳәм қәўетерли болып атырғанын бәршемиз көрип турмыз. Бундай кескин шараятта елимизде тынышлық, өз-ара ҳүрмет ҳәм татыўлық орталығын сақлап, барлық тараў ҳәм тармақларда пидәкерлик пенен мийнет етип, гөзлеген жоқары мақсетлеримизге ерисе аламыз.

Әлбетте, өз тарийхында қаншадан-қанша сынақ ҳәм машақатлардан мүнәсип өткен мәрт ҳәм уллы халқымыз буған ҳәр тәреплеме уқыплы.

Бул жолда ел-журтымызға тийисли мийрим-шәпәәт, өз-ара бирлик ҳәм татыўлық биз ушын шексиз күш-қүдирет дәреги болып хызмет етеди, деп исенемен.

Сиз, әзизлерди муқаддес Қурбан ҳайыты менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге тынышлық-парахатшылық, денсаўлық, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеймен.

Қутлы әййям бәршемизге мүбәрек болсын!

 

  Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти