Проактив пенсия тайынлаў әўерегершилик ҳәм коррупцияға шек қояды

Өзбекстанда социаллық бағдарламаларды қаржыландырыў қәрежетлери жалпы ишки өнимге салыстырғанда 2 есеге артып, кем тәмийинленген напақа алыўшы шаңарақларды қамтып алыў 5 есеге көбейди.
Майыплығы болған шахслар ҳәм майыплығы болған балалардың тәрбиясы менен бәнт болғанлар ушын напақаның жаңа түрлери енгизилди.
Халықтың социаллық қорғалыўын күшейтиў, мәмлекет тәрепинен пуқараларға социаллық хызмет көрсетиў көлеми ҳәм түрлерин кеңейтиў бойынша системалы жумыслар даўам еттирилмекте.
2025-жыл 20-майда күшке кирген “Халыққа социаллық хызметлер көрсетиў системасының буннан былай да жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам тараўдың раўажланыўында және бир әҳмийетли қәдем болды.
– Пуқараларға төленетуғын төрт түрдеги социаллық төлемлерди олардың мүрәжатысыз проактив түрде, еки түрдеги социаллық төлемлерди композит түрде және төрт түрдеги социаллық төлемлерди қосымша ҳүжжетлер талап етпеген ҳалда, бир паспорт тийкарында тайынлаў әмелияты енгизилген,-деди Олий Мажлис Сенатының ағзасы А.Кўчимов. – Соның менен бирге, халыққа пенсия тайынлаў системасына заманагөй мәлимлеме технологияларын жедел енгизген ҳалда мәмлекет тәрепинен көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын буннан былай да арттырыў ҳәм пуқараларға қолайлылық жаратыў, артықша әўерегершиликке жол қоймаў мақсетинде пенсия системасын буннан былай да жетилистириў зәрүрлиги жүзеге келген еди. Усы мүнәсибет пенен “Халыққа социаллық хызметлер көрсетиў системасының және де жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам қабыл етилди.
Бул ҳүжжет пенен “Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында”ғы нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Оған бола, пуқаралардан пенсия жасына жеткенде (ерлер 60 жас, ҳаяллар 55 жас) олардан айрықша мүрәжат талап етпеген ҳалда проактив түрде пенсия тайынлаў тәртиби белгиленди.
Онда, пуқараға пенсия тайынлаў ушын зәрүр мағлыўматлар, яғный мийнет стажы, мийнет ҳақы, оқыў дәўири, шаңарақ ағзалары ҳаққындағы мағлыўматлар мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системаларынан электрон мағлыўмат алмасыў тийкарында алынады.
Оған шекем пуқаралар белгиленген пенсия жасына толғаннан соң, пенсия тайынлаўды сорап жасаў орнындағы Пенсия қоры бөлимине, Мәмлекетлик хызметлер орайына ҳәм Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталынан дизимнен өткен ҳалда сораўнаманы толтырған ҳалда мүрәжат етиўи талап етилген.
Бул өзгерис нәтийжесинде бир жылда орташа 250 мың пуқараның Пенсия қоры ҳәм Мәмлекетлик хызметлер орайына келип арза бериўи яки электрон мүрәжат етиўи менен байланыслы ўақыт ҳәм қаржы жумсалыўы үнемленеди.
Нызамда пуқара мийнет етиўди даўам еттирген ҳалда кейин ала жасқа байланыслы пенсияға шығыў тилегин билдиргенде проактив түрде тайынланған жасқа байланыслы пенсияны бийкарлаў ҳуқықына ийе екенлиги сақлап қалынды.
Пенсия муғдары пуқараның жумыс стажы ҳәм мийнет ҳақысының муғдарына байланыслы екенлигин атап өтиўимиз керек. Бүгинги күнде елимизде 500 мыңға шамалас жумыс ислеп атырған пенсионер пуқара бар.
Буннан тысқары, “Жерлеў ҳәм жерлеў иси ҳаққында”ғы нызамда қайтыс болған шахстың ерине (ҳаялына), ата-анасына, перзентлерине ҳәм басқа да туўысқанларына яки нызамлы ўәкилине, олар болмаған жағдайда болса жерлеўди әмелге асырыў миннетлемесин өз мойнына алған басқа шахсқа жерлеў ушын Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан напақа бериў кепилленгенлиги себепли нызамнан жерлеўге байланыслы тийисли норма шығарып тасланды.
Нызамда ҳәкимшилик реформалардан келип шығып, “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы ҳәм “Халықтың бәнтлиги ҳаққында”ғы нызамларға напақаларды тайынлаў ҳәм төлеўге байланыслы өзгерислер киргизилди.
Ҳәкимшилик реформаларға муўапық пенсия ҳәм напақаға байланыслы мағлыўматларды усыныў бойынша ўәкилликли уйымлардың ўазыйпаларына анықлық киргизилди. Атап айтқанда, мәмлекетимиз басшысының 2023-жыл 1-июньдағы “Халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў және оны нәтийжели қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша комплексли илажлар ҳаққында”ғы пәрманы тийкарында социаллық напақаларды төлеў Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң ўәкиллигине өткерилген. Сол себепли, бул агентликтиң районлық (қалалық) “Инсан” социаллық хызметлер орайларынан нызамшылықта белгиленген напақаларды алмай атырғанлар тийисли мағлыўматнаманы алыўы мүмкин екенлиги нызамда көрсетилди.
Нызам халық ушын пенсия тайынлаў системасына заманагөй санлы технологияларды жедел енгизген ҳалда мәмлекетлик хызметлердиң сапасын буннан былай да арттырыўға жол ашады. Пенсия тайынлаў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиўдиң сапасын жаңа басқышқа алып шығыў, тараўға мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў нәтийжесинде системада инсан факторының азайыўы ҳәм коррупциялық қәўиплердиң алдын алыўға хызмет етеди.
ӨзА