Аралбойы аймақларына алты заманагөй метеорологиялық станция орнатылды

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) Аралбойы регионында үлкен әҳмийетке ийе гезектеги басламаны әмелге асырды.
Халықаралық структура ҳаўаның сапасын, жер ҳәм суў ресурсларын басқарыўды жақсылаўға бағышланған биргеликтеги бағдарлама шеңберинде Қарақалпақстан Республикасының үш районында алты заманагөй метеорологиялық станция орнатылды.
Бул алдынғы мониторинг системалары температура, жаўын-шашын муғдары, ығаллық, самал тезлиги ҳәм қуяш нурланыўы сыяқлы әҳмийетли климат көрсеткишлерин үзликсиз бақлап барады ҳәм реал ўақыттағы мағлыўматларды усынады.

Баслама Мойнақ, Қоңырат ҳәм Тахтакөпир районларындағы халыққа тиккелей пайда келтиреди.
Бағдарлама экологиялық ҳәм социаллық-экономикалық жақтан әззи қатлам, әсиресе, ҳаял-қызлар, балалар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаўға қәнигелескен, себеби олар региондағы экологиялық дағдарыстан көбирек жәбир көриўи мүмкин.
– Бул метеорологиялық тармақ Аралбойы аймағындағы климат мәселелерин түсиниў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады, – деди ФАОның Өзбекстандағы ўәкили орынбасары Шерзод Умаров. – Алты станциядан алынған мағлыўматлар бизге регионымыз ушын ең нәтийжели ҳәм илимий тийкарланған климат стратегияларын жаратыў имканиятын береди.
ФАО ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасының биргеликтеги басламасы бул бағдардағы потенциалды арттырыўға хызмет ететуғынын атап өтиў керек. Бағдарлама экосистема хызметлерин басқарыў әмелиятын жетилистириў, экологиялық деградацияны сапластырыўда инновациялық шешимлерди алға қойыў жолында зәрүр билим, қурал ҳәм ресурслар менен тәмийинлейди.
Бир сөз бенен айтқанда, бул бирге ислесиў экологиялық машқалаларға комплексли қатнас жасаўды тәмийинлеў, дүньядағы экологиялық машқалаларды сапластырыўға хызмет етиўи менен әҳмийетли.
ӨзА