Системалы қатнас жолға қойылмақта

364

Усы жыл 5-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында өткерилген кеңейтилген мәжилисте белгилеп берилген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўы, сондай-ақ, коррупцияның алдын алыўға бағдарланған системалы қатнастың жолға қойылыўы – инсан қәдирин улығлайтуғын реформалардың тийкарғы бағдары сыпатында көзге тасланбақта.

Беруний районында да коррупцияға қарсы гүресиў мәселелерине бағышланған мәжилис болып өтти. Мәжилиске район ҳәкиминиң орынбасары Д.Каримов басшылық етти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ишки қадағалаў бөлиминиң баслығы Б.Матмуратов, республика прокуратурасының жуўаплы хызметкери, район ҳәкиминиң тараўлар бойынша орынбасарлары, тийисли бөлимлердиң басшылары ҳәм қәнигелер, сондай-ақ, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары қатнасты,-деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлиминиң баслығы А.Уразова.

Мәжилис даўамында күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер додаланды. Соның ишинде, ишки қадағалаў бөлиминиң баслығы Б.Матмуратов шығып сөйлеп, аймақта коррупциялық жағдайлардың алдын алыў бойынша алып барылып атырған жумыслар, олардың нәтийжелилиги ҳәм бар машқалалар бойынша ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги