Жәҳән саўда шөлкеми гендер теңлигин қалай қоллап-қуўатламақта?

375

Гендер теңлиги – бул жәмийетте ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардың тең ҳуқық, имканият ҳәм жуўапкершиликлерге ийе болыўы дегени. Бул принцип тек ғана нызамшылық жақтан емес, ал турмыстың барлық тараўларында, яғный билимлендириў, мийнет базары, сиясий белсендилик ҳәм шаңарақлық қатнасықларда да теңдей имканиятларды тәмийинлеўди нәзерде тутады.

Гендер теңлиги тәмийинленген жәмийетлер әдалатлы, инклюзив ҳәм турақлы раўажланыўға ериседи. Сонлықтан, бүгинги глобал процесслерде гендер теңлиги тек ғана социаллық машқала емес, ал экономикалық өсиў ҳәм инсан капиталын раўажландырыўдың тийкарғы факторы сыпатында қаралмақта.

Хош, Жәҳән саўда шөлкеми ушын гендер теңлиги бойынша өз алдына мәжбүрий талаплар ҳәм қағыйдалар бар ма?

– Ҳәзирги ўақытта Жәҳән саўда шөлкеми (ЖСШ) ушын гендер теңлиги бойынша айрықша мәжбүрий талаплар ҳәм қағыйдалар жоқ. Бирақ шөлкем бир қатар халықаралық басламаларды қоллап-қуўатлап, вендорлар арасында теңликти беккемлеўге жәрдем берип келмекте.

Усындай әҳмийетли басламалардан бири – Буэнос-Айрес декларациясы болып, оған 120 дан аслам мәмлекет қосылған. Бул декларация мәжбүрий ҳүжжет есапланбаған болса да, ол ҳаял-қызлардың имканиятларын кеңейтиў, атап айтқанда, олардың халықаралық саўдаға қатнасыўы арқалы оларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған. Декларация шеңберинде мәмлекетлер мағлыўматларды жыйнаў ҳәм тәжирийбе алмасыў миннетлемелерин алған.

Сондай-ақ, ЖСШның  «Aid for Trade» бағдарламасы раўажланып атырған мәмлекетлерге техникалық жәрдем көрсетиўде гендер мәселелерин инабатқа алады. Әсиресе, бул бағдарлама ҳаял исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың санлы технологиялар базарына шығыў имканиятларын арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе.

ЖСШ шеңберинде гендер теңлиги мәселелери тийисли профиль комитетлеринде додаланады. Оларда мәмлекетлер миллий әмелиятлар, сондай-ақ, ҳаял-қызлар саўдада ушырасып атырған тосқынлықлар ҳаққында пикир алысады. Буннан тысқары, ЖСШ гендер теңлигин еки тәреплеме келисимлер арқалы қоллап-қуўатлайды. Мәселен, Канада ҳәм Чили арасында дүзилген келисим ҳаял-қызлар ҳуқықлары ҳәм имканиятларын қоллап-қуўатлаў бағдарындағы өз алдына бапларды өз ишине алған.

Соны айрықша атап өтиў керек, ЖСШ нормативлик-ҳуқықый базасында тиккелей миннетлемелер нәзерде тутылмаған болса да, шөлкем ҳаял-қызлардың ҳуқықларын беккемлеў ҳәм ерлер және ҳаял-қызлар арасында теңликти тәмийинлеў бағдарында жедел ҳәрекет етпекте.

Өзбекстанда болса гендер теңлигин тәмийинлеў бағдарында соңғы жылларда исенимли қәдемлер тасланды. 2019-жылы «Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын теңдей ҳуқық ҳәм имканиятлар кепилликлери ҳаққында»ғы ҳәм «Ҳаял-қызларды күш көрсетиў ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында»ғы нызамлар қабыл етилип, бул тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың ҳуқықый тийкары жаратылды.

Ҳәзирги ўақытта усы нызамлар тийкарында министрликлер ҳәм уйымларда гендер экспертизасы өткерилмекте. Атап айтқанда, Әдиллик министрлиги тәрепинен барлық мәмлекетлик уйымлар ушын гендер экспертизасы бойынша методикалық қолланба ислеп шығылған. Сондай-ақ, 300 ден аслам ҳүжжетти қайта көрип шығыў режелестирилген.

Әҳмийетлиси, экспертиза тек ғана жаңа жойбарлар менен шекленип қалмай, ал әмелдеги ҳүжжетлердеги дискриминациялық нормаларды анықлаў ҳәм сапластырыўды да нәзерде тутады. Нызамшылыққа «гендер аудити» түсиниги киргизилип, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде ерлер ҳәм ҳаял-қызлар ушын теңдей имканиятлар, кадрлар сиясаты, мийнет шараятлары қалай тәмийинленип атырғаны баҳаланбақта.

Бул нызамшылықты жетилистириўде әҳмийетли қәдем болып, оның нәтийжеси халықаралық рейтинглерде де сәўлеленбекте. Мәселен, Жәҳән банкиниң 2024-жылғы «Ҳаял-қызлар, бизнес ҳәм нызам» индексинде Өзбекстан 11,9 баллға өсиўге еристи. Бул болса мәмлекетте әмелге асырылып атырған ҳәрекетлер нәтийже берип атырғанын көрсетеди.

Жуўмақ орнында соны атап өтиўди қәлер едим, Саудия Арабстанының Өзбекстандағы «ACWA Power» компаниясы да усындай әҳмийетли баслама менен шықпақта. Дәстүрий түрде өткерилип киятырған «Санлы энергетика дәўиринде ҳаял-қызлар жетекшилиги: ҳуқықый, бизнес ҳәм инсаныйлық перспективалар» атамасындағы илажларда мәмлекетимиздеги белсенди ҳәм интакер ҳаял-қызларды жәмлеў қуўанышлы жағдай. Бундай сөйлесиўлер даўамында машқалаларға шешим табыў, жаңа усыныс ҳәм идеяларды алға қойыў имканияты жаратылады.

ӨзАның хабаршысы Насиба Зиёдуллаева жазып алды.