Өзбекстанның кән-геология жетискенликлери халықаралық майданда  таныстырылды

185

Бүгин Қазақстанның Астана қаласында  “Astana Mining & Metallurgy” 15-юбилей халықаралық кән-металлургия конгресси   өз жумысын баслады.

Бул абырайлы әнжуманда дүнья бойлап кән-металлургия тараўына байланыслы алдынғы тәжирийбе ҳәм инновациялық процесслерди додалаў, тараўдағы әҳмийетли машқалалар  ҳәм перспективалы шешимлерди додалаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Юбилей әнжуманында Өзбекстан Республикасы Таў-кән санааты ҳәм геология министрлигиниң басқарма баслығы М.Болибеков ҳәм «Минерал ресурслар институты» мәмлекетлик  мәкемесиниң директоры М.Исоқов қатнаспақта.

Әнжуман шеңберинде шөлкемлестирилген «Халықаралық бирге ислесиў: Геология хызметлери мәжилиси» деп аталған панель сессиясында министрлик делегациясының ўәкиллери  мәмлекетимиздеги кән-геология тараўында ерисилген жетискенликлер, әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳәм халықаралық бирге ислесиў перспективаларына бағышланған презентация менен қатнасты.

– Бундай әнжуманлар тек илимий-изертлеўде  бирге ислесиўди кеңейтиў емес, ал тараўдағы инновациялық процесслерди үйрениў ҳәм әмелиятқа енгизиў ушын әҳмийетли  майдан есапланады. Биз  презентациямызда соңғы жылларда Өзбекстанда кән-геология тараўында  әмелге асырылған реформалар, заманагөй геологиялық изертлеў технологиялары ҳәм сырт елли бирге ислесиўшилер менен биргеликтеги жойбарлар ҳаққында   мағлыўмат бердик. Бул тараўда халықаралық сөйлесиўди және де тереңлестириўге талап артып бармақта, – деди «Минерал ресурслар институты» директоры М.Исоқов.

Сондай-ақ,  конгресс шеңберинде халықаралық көргизбе де шөлкемлестирилген болып, онда 13 мәмлекеттен 40 тан аслам компания өзиниң кән-металлургия өнимлери ҳәм техникалық  шешимлерин көрсетпекте.

Министрликтиң мәлимлеме хызметине бола, усы конгрессте Өзбекстанның белсене қатнасы мәмлекетимиздеги геология ҳәм таў-кән тараўында әмелге асырылып атырған реформалар,  дүнья базарындағы бәсекиге шыдамлылығы ҳәм халықаралық бирге ислесиўге таярлығын және бир мәрте көрсетти.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА