Қарақалпақстандағы  заманагөй минерал төгинлер  ҳаққында нелерди билемиз?

371

Илимпаз пикир айтады

Қарақалпақстан жағдайында егислик  майданлардың 80 процентин  шорланған жерлер қурайды.  Шорланған топырақта өсимлик жақсы раўажланбайды.  Илимий мағлыўматларға қарағанда  шорланған жерлерде 40-50 процент  өнимдарлық азаяды. Бул  жағдайдан  қутылыўдың қандай илимий жоллары бар? Илимпаз Сали Бауатдиновтың алып барған илимий жумыслары усыған бағдарланған. Сали Бауатдинов  фосфорит, глауконит, бентонит, сафрафелла, вермикулит минералларын терең изертлеп, аўыл хожалығы егинлеринен  пахта ҳәм  салыға қолланып, олардың зүрәәтлилигиниң артатуғынлығы, жердиң мелиоратив  жағдайының жақсыланатуғынлығын, топырақ қурамының босасып гумусының жоқарылайтуғынлығын көп тәжирийбелер жәрдеминде илимий жақтан дәлиллеген илимпаз.   Бүгин жасы 80 нен өтип атырған Сали Бауатдинов өмирин илимге бағышлап, Қарақалпақстанның шор жерлеринен мол өним алыў бағдарында жумыс алып барды. Оның  басшылығында бир қанша  фундаментал ҳәм илимий-техникалық бағдарламалар шеңберинде  илимий жойбарлар орынланып, алынған нәтийжелер тийкарында 1995-жылы  «Глауконит минералын калийли төгин сыпатында  пайдаланыў бойынша усыныс» ислеп шықты.   Алынған илимий нәтийжелер ҳәзирги ўақытта да аўыл хожалығында  қолланылмақта. Биз илимпаз бенен сәўбетлесип,  заманагөй минерал төгинлер  ҳаққында пикирлерин жазып алған едик.

– Қарақалпақстан  аграр республика болғанлықтан бизиң жасаў шараятымыз жер менен тығыз байланыслы. Яғный, республикамызда аўыл хожалығы егинлерин егиў ҳәм оннан мол өним алыў арқалы экономикада жоқары нәтийжелерге ерисемиз. Лекин, экологиялық жағдайлар ҳәм суўдың азлығы  себепли жердиң қунарлығы биз күткендей дәрежеде емес. Сонлықтан да биз бул жағдайларды есапқа алған ҳалда, қыйыншылықлардан шығысыўдың жолын қарастырып, жердиң қунарлығын арттырыў ушын минерал төгинлерге мүтәжбиз.  Бул бойынша елимизде әлле қашан илимий жумыслар алып барылып, тәжирийбелер сынақлардан өтип, нәтийжелер де көз қуўандырғандай дәрежеде болмақта. Қарақалпақстанда Хожакөл, Назархан, Бестөбе, Қызылқала, Султан Уайс таў әтирапы, Белтаў, Үстирт тегисликлеринде, Хожели районында, Тақыятас районында, Кетменчи баба әтирапында, Нөкис районы аймағында Қырантаўда , улыўма Қарақалпақстанның  көпшилик жерлеринде  глауконит топланған. Қырантаўдан алынатуғын глаукониттен  ҳәр түрли зыян келтиретуғын зыянкеслерден  ажыратылып шорларды жоғалтыў ҳәм жердиң ығаллығын кетирмейтуғын, адсорбенталлы қәсийетке ийе төгин таярланады.

«Корофос», «Глаукокалий», «Глаукофос» төгининиң әхмийетлилиги сонда, бул төгин берилиўи нәтийжесинде төрт жылға шекем жер төгин талап етпейди, төгин менен азықланған топырақ ығаллылықты сақлап турыў қәсийетине ийе болады.  Суўдың  қыткершилиги жылдан-жылға артып баратырған ўақытта бул  ҳақыйқый керек болатуғын төгин десек қәтелеспеймен. Тақыятас  районында Қарақалпақстан агрорудалары тийкарында төгин алыўдың илимий өндириси иске түсип атыр. Ол жерде күнлик төгин шығарыў қуўатлылығы  10 тоннадан 20 тоннаға шекем. Алынған төгинниң химиялық  қурамы 8-10 процент  фосфор, 3-4 процент  калий, 4-5 процент  азот, 40 тан    аслам макро, микро элементлерден ибарат. Улыўмаластырып айтқанда  өсимликтиң раўажланыўы ушын  70 түрли химиялық элементлер керек. Усылардан фосфор, калий, азот ҳәм микро элементлерди басқа элементлерге өзгертиўге болмайды. Соның 16 химиялық  элементи алынған төгин қурамында бар. Бул төгин глаукониттен алынады.

Алынған төгинниң артықмашлық тәреплери бар. Суўғарылатуғын суўдын муғдары 20 процентке  азаяды. Өнимдарлық  4 процентке  артады. Топырақтың ығаллығы  вегетация дәўиринде 60-70  проценттен кем  болмайды. Топырақ қурамындағы  зәҳәрли дузлылық   1 ярым, 2 процентке  азаяды.

Алынған пахта өсимлиги шигитиниң майлылығы артады, талшығы узын болады. Сондай-ақ, төгиннин тәсири 3-4 жылға шекем өз күшин жоғалтпай,  топырақ қурамы жақсыланады.

Бул төгинди қолланыў нәтийжесинде  химиялық төгинниң  муғдарын 40-50 процентке  азайтыўға болады.

Жердиң  қурамында топырақтың  сүрим қатламында 300 килограммнан   600 килограммға шекем  өсимлик ала алмайтуғын фосфор бар. Усыларды алыўға аталған төгин жәрдем береди.

Өсимликтиң тамыры әтирапындағы топырақта 5 миллардтан 12 миллардқа шекем микроэлементлер бар. Төгин усыларға азық болады. Жерде гумус муғдары артады.

-Гумус бул не? Буны илимий тилде қалай түсинсек болады?

– Гумус бул химиялық қурамалы зат. Қурамында азот, фосфор, калий  ҳәм тағы басқа да элементлер бар. Гумус жердиң қаны болып есапланады.   Алып барылған илимий жумыслар тийкарында топырақ қурамында гумус муғдары 0,5-0,4 ке артқан. Себеби жасап турған жеримиздиң  топырағы шор, жердиң қунарлылығы аз. Сонылықтан дийқанлар жерди органикалық төгинлер менен тойындырыў жүда әҳмийетли екенлигин билиўи керек.

Соңғы ўақытлары фермерлерге кең имканиятлар жаратылып, жерден өнимли пайдаланып, мол ҳасыл алыўға ерисиў зәрүрлиги заман талабы болмақта. Егер илимпаздың  бул пикирлерине  әмел етилсе, және де бәлент қырман алыўда жақсы нәтийжелерге ерисиў имканиятын береди деген үмиттемиз. 

Сәўетлескен Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги