Бердақтың портрети кубик-рубиктен исленди
266

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен шөлкемлестирилген кубик-рубиклерден белгили инсанлардың портретин соғыў илажында 750 дана кубик-рубиклерден ибарат Бердақ Ғарғабай улының портрети исленди. Бул жумыстың авторы Жиззақ ўәлаятынан келген жас талант ийеси Ҳусан Мирзаҳабибов.
Өзиниң әжайып шеберлиги менен танылып киятырған Хусан Мырзахабибов бул портретти ислеў де хәр қыйлы реңдеги 750 дана кубик-рубиклерден пайдаланған. Ҳәр бир кубиктеги реңлер дәл сәйкеслендирилип, Бердақ образының анық көринисин қәлиплестирген.
Зияда Турғанбаева,
ҚМУ студенти
Қарақалпақстан хабар агентлиги